ГИМНАСТИКАШЫЛАР "ҚЫС ЕРТЕГИНЕ" ҚАТНАСТЫ
Көркем гимнастика-қызлар ушын ең нәзик спорт түрлеринен бири есапланады. Ҳәр қандай ана перзентиниң қәдди-қәўметиниң шырайлы, соның менен бирге шыдамлы болыўын қәлейди. Усыны дурыс түсинген аналар көркем гимнастикада өз қызларының ерисип атырған табыслары менен мақтанып келмекте.
Райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң көркем гимнастикашы қызлары жақын күнлерде Ташкент қаласында өткерилген «Қыс ертеги» атлы турнирге қатнасып қайтты. Жарыста 2004-жылы туўылған қызлар арасында Зүльфия Сейтбекова 2-орын, Шахноза Оспанова 3-орынды, 2006-жылы туўылған қызлар арасында Нурила Абдиўалиева 3-орынды, Дильфуза Омарова 3-орынды, 2008-жылы туўылған қызлар арасында Ақбота Нағашбаева 1-орынды, Дилназа Дәўлетбаева 2-орынды, 2009-жылы туўылған қызлар арасында Дильфуза Жеңисбаева 1-орынды, 2010-жылы туўылған қызлар арасында Арай Турдыбекова 3-орынды, 2011-жылғылар арасында Айдана Кньязова 2-орынды ийелеп, барлық жеңимпазлар диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Биз гимнастикашы қызлардың ҳәр бир жарысларда табысқа ерисиўинде тренер Гүлсара Оңдасынованың мийнетин жоқары баҳалаймыз.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА