Fan va ta'lim ҮШ ЕГИЗЕК ДҮНЬЯFА КЕЛДИ

ҮШ ЕГИЗЕК ДҮНЬЯFА КЕЛДИ

0
ҮШ ЕГИЗЕК ДҮНЬЯFА КЕЛДИ

Адамзат өмирин перзентлер безейди. Сонлықтанда ҳәр бир нәрестениң дүньяға келиўи үлкен қуўаныш пенен күтип алынады. Егизек баланың туўылыўы шаңарағы ушын жаңалық болса, үш, төрт егиздиң  туўылыўы менен пүткил елге әжайып жаңалық алып келгендей сүйсинемиз.

14-ноябрь күни районлық медицина бирлеспесиниң туўыў үйинде  «Қараой» аўылындағы 10-санлы мектептиң китапханашысы Надира Байниязова үш егизек қызалақларды дүньяға алып келди.

-Нәрестелер ай күни толмай дүньяға келди,-дейди жақында ғана шыпакерлер байрамында Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў ағласы көкирек нышанына мүнәсип табылған туўыў үйиниң неонатолог шыпакери Периўхан Қалмурзаева қызалақлардың туўылыўы ҳаққында гүрриңлескенимизде. Жыл басынан 462 ден аслам нәресте дүньяға келген болса, соның екеўи егиз, бул қызларымыз үшинши ҳәм 3 егизек болып туўылды. Туўыў үйиниң  акушер гинеколог шыпакерлери ҳәм ҳәмшийраларының жәрдеминде нәрестелердиң жағдайы бираз жақсарды. Олар өз шаңарағына қайтыў алдында. Үйлерине барғаннан соң да жергиликли медицина хызметкерлеримиздиң бақлаўында болады.  

Перзентлердиң анасы айы күни толмай  туўылған перзентлеринен ҳәм қуўанышта ҳәм тәшўиште екенин жүзлеринен сездик. Лекин, туўыў бөлиминде арқа сүйеген, қызалақларын аман-есен дүньяға келтирген шыпакер акушер гинекологлар Азат Казаков, Мунира Давлетова менен бөлимниң барлық хызметкерлерине миннетдар екенин айтады.

Ана-балалар үйлерине қайтардан алдын район ҳәкими Жамбул Адилов, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Айсанем Аллиярова, «Мәҳәлле» қайырхомлық қоры районлық бөлими баслығы Ернияз Бегманов ҳәм Жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы Таран Нағимовлар бахытлы ананы  нәрестелериниң дүньяға келиўи менен қутлықлаў ушын туўыў бөлиминде болды ҳәм нәрестелерге арнаўлы саўғалар тапсырды.

Аманай, Қуралай, Толсынайлар ата-аналары жақсы нийет пенен исм таңлағанындай, биз де олардың аман-есен қуралып, толысып кетиўин тилеймиз.  

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА