Fan va ta'lim БАҚШАМЫЗ ЖАҢАША ТҮСКЕ ЕНДИ

БАҚШАМЫЗ ЖАҢАША ТҮСКЕ ЕНДИ

0
БАҚШАМЫЗ ЖАҢАША ТҮСКЕ ЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» дәстүри ҳаққындағы пәрманы бойынша орынларда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар халықтың турмыс жағдайын бираз жақсылады. Быйылғы жылы райондағы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны да дәстүрге киргизилген еди.  Дәстүр тийкарында  бир қатар жумыслар исленип, аймақ пүткиллей жаңаша көриниске енди.

Солардың қатарында «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы бизиң  5-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси де ири оңлаўдан шығып, аўыл халқын үлкен қуўанышқа бөледи. Имараттың қурылыс жумыслары «Реверстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен исленип, бул жумыслар ушын 1 миллиард 22 миллион сум қаржы жумсалды.

Жақында бақшаның ашылыў мәресими болып өтти. Оған район басшылары қатнасып, имарат алдына тартылған лентаны салтанатлы жағдайда кести. Қутлықлаў ушын сөзге шыққанлар ремонт жумысларын алып барған қурылысшыларға миннетдаршылықларын билдирди.

Буннан соң жыйналғанлар бақшаны бир қатар көзден өткерип, ишки жағдайлары менен жақыннан танысты. Олар бақшаның безелиў жумысларына жоқары баҳа берди.

Бурын усы бақшада мийнет етип, ҳүрметли дем алыста отырған нураныйлар да бақша жәмәәтин ашылыў мәресими менен қызғын қутлықлап, олардың жумысларына табыслар  тиледи.

Район орайындағы 10-санлы балалар бақшасының тәрбияланыўшылары саўға ретинде жыйналғанларға өзлериниң   таярлап келген аяқ-ойынларын, ал, 5-санлы бақша тәрбияланыўшылары концерт бағдарламасын инам етти.

Қулласы, бақша жәмәәти балаларға усындай азада, сулыў имаратта тәлим-тәрбия беретуғынынан жүдә қуўанышлы.

 

А.ФАЙЗУЛЛАЕВА

5-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемесиниң тәрбияшысы