Sport ЖАСЛАР СПОРТ ҲӘПТЕЛИГИ» ӨТКЕРИЛДИ

ЖАСЛАР СПОРТ ҲӘПТЕЛИГИ» ӨТКЕРИЛДИ

0
ЖАСЛАР СПОРТ ҲӘПТЕЛИГИ» ӨТКЕРИЛДИ

Республикамыз бойлап  усы жыл 1-6-октябрь күнлери «Жаслар спорт ҳәптелиги» өткерилиўи белгиленген еди. Ҳәптеликти өткериўдеги мақсет-жаслар, әсиресе мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар арасында спорт ҳәм дене тәрбияның ғалабалығына ерисиўден ибарат. Усы мақсетте өткен ҳәпте даўамында райондағы барлық колледж, мектеп оқыўшылары арасында спорттың футбол, волейбол, белбеўли гүрес, шахмат-шашка, бадминтон, стол тенниси, веломарафон, жуўырыў ҳәм басқа да түрлери бойынша жарыслар өткерилди. Жарыс жеңимпазлары ылайықлы баҳаланып, олар медал, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Барлық түрдеги  спорт жарыслары Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими, Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, сондай-ақ бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилди.

               Сүўретте:  5-санлы мектептиң спорт залында спорттың стол     теннис түри бойынша қыз балалар арасында өткерилген жарыстан көринис.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА