БӘРЕКЕЛЛӘ, ҚЫЗЛАР!
Байрам қарсаңында районымыздың гимнастикашы қызларының табысы наўрызға үлкен саўға болды.
Ташкенттен 9 медаль менен қайтқан қызларымыздың қуўанышын бирге бөлисейик. Бәрекеллә, қызлар! 4 гүмис, 5 қола медаль! Әлбетте буның артында тренерлер Гүлсара Оңдасынова, Саёра Абдикадирова, хореограф Камила Серга-лиевалардың, қала берсе медаль ийелериниң қаншадан-қанша мийнетлери жатыр.
19-20-март күнлери Ташкент қаласында спорттың көркем гимнастика түри бойынша өткерилген «Бәҳәр» турнирине қатнасқан тахтакөпирли 9 қыз сыйлы 2-3-орынлар менен жүреклери шәўкилдесип қайтты. Олар: Жулдыз Матекеева, Муслима Махмудбаева, Дильфуза Жеңисбаева, Дильноза Дәўлетбаева, Айдана Сметуллаева, Жансулыў Татлымуратова, Нурила Абдиўалиева, Ҳүрзия Досжанова, Улбосын Атамуратовалар.
Келеси жарысларда 1-орын тек сизлер тәрепте болыўын тилеймиз!
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА