Fan va ta'lim «УЛЛЫ МАҚСЕТЛЕРГЕ УМТЫЛЫЎШЫЛАР»

«УЛЛЫ МАҚСЕТЛЕРГЕ УМТЫЛЫЎШЫЛАР»

0
«УЛЛЫ МАҚСЕТЛЕРГЕ УМТЫЛЫЎШЫЛАР»

Қолына китап алып, оған берилип оқып отырған адамды көрсең ҳәўесиң келеди. Сол балалықтағы «бурынғы өткен заманда» деп басланатуғын ертектиң ақыры не менен питеди екен деп, асығыслық пенен күткенде «мурат мақсетине жетти» деп жуўмақланғанын көрип, ҳәмме шексиз қуўанатуғын еди. Оннан есиң ене келе  шайырлардың қосықлары, гүрриң, повестьлерди оқып, бара-бара ой-өрисиң кеңейеди. Китап оқыған адам ҳеш қашан қор болмайды. Ол арқалы көп тәжирийбе топлайсаң. Егер ол китаптың баҳасы қунлы болса, өзиң ушын керекли нәрселерди аласаң.

Данышпанларымыздың пикири менен айтқанда ҳәр бир китап оқыўшы ондағы қуўаныш ҳәм тәшўишлерди өзиники деп қабыл етсе ғана ол ҳақыйқый шығарма бола алады екен.

Ҳәр бир бос ўақтын китап оқыў менен өткеретуғын жасларымыздың бүгинги күндеги ерисип атырған табыслары көзди қуўандырады. Оған мысал ретинде өткен жылдан берли Өзбекистан жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң басламасы менен өткерилип киятырған «Уллы мақсетлерге умтылыўшылар» атамасындағы китап оқыўшыларының жарысы бәршеде үлкен қызығыўшылық оятып, бул арқалы көплеген жаслардың китап пенен бәнт болыўына ерисилди.

Жарыс китаплар әтирапында болып, сол китаптың мазмуны бойынша сораўлар дүзилип, оған жуўап талап етиледи. Бул жарыс мектеп ҳәм колледж оқыўшылары арасында өткерилип, жақында оның жеңимпазлары анықланды. Мектеплер арасында: 1-орынды 5-санлы мектептиң «Пегас» командасы, 2-орынды 13-санлы мектептиң «Бәркамал әўлад» командасы, 3-орынды 7-санлы мектептиң «Галикарнас» командасы жеңип алған болса, колледжлер арасында 1-орынды қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжиниң «Арал жаслары» командасы, 2-орынды усы колледждиң «Идеал» командасы, 3-орынды аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң «Реннесанс» командалары жеңип алды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Демек, барлық жасларымыз усындай жарысларға қатнасыўға талпынса, олардың ҳеш қандай бос ўақты болмайды.

Индира ОРАЗБАЕВА

«Камалак»  балалар шөлкеминиң  баслығы