Fan va ta'lim МОСКВАДАН ҮЛКЕН ТӘСИРЛЕР МЕНЕН

МОСКВАДАН ҮЛКЕН ТӘСИРЛЕР МЕНЕН

0
МОСКВАДАН  ҮЛКЕН  ТӘСИРЛЕР  МЕНЕН

Биз газетамыздың алдыңғы санларында районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мектептиң рус тил ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Бийбихан Сейтназарованың  Халықаралық Пушкин таңлаўының жеңимпазы  болғаны  ҳаққында хабарлаған едик. 6-11-сентябрь күнлери аралығында таңлаў жеңимпазлары Россияның пайтахты Москва  қаласына мирәт етилди. 48 мәмлекеттен қатнасқан 50 жеңимпаздың бири Бийбихан да балалығынан әрман еткен шәҳәр бойлап саяхат етиў бахытына миясар болды.  Бул тәсирлерин  ол биз бенен былайынша бөлисти:

-Москва қаласында болған алты күнимде өзимди ертеклер елинде жүргендей сезиндим  десем, көпшилик исенбейтуғын да шығар. Дүньяның көпшилик мәмлекетинен, соның ишинде Франция, Италия, АҚШ,  Австрия, №ытай, Португалия ҳәм тағы басқа да еллерден келген кәсиплес досларымыз бенен тил табысыў қыйынға түскен жоқ. Себеби, ҳәммеси рус тилин биледи, сол тил арқалы жеңимпаз болып атырған едик. Арамызда  мәмлекетлик мектеплерден баслап, жеке меншик билим бериў мектеплериниң, жоқары оқыў орнының оқытыўшылары да бар. Алдын ала белгиленген бағдарлама бойынша ҳәр күни ҳәр түрли орынларды тамашаладық. А.С.Пушкин атындағы музейде, театрда болдық. Мәселен, Шекспирдиң «Король Лир» шығармасының мазмунын китабы арқалы жақсы билсекте, спектаклин көрмеген едим.

9-сентябрь Москва қаласы күни деп белгиленеди екен. Әне усы күни биз жеңимпазлар Қызыл Майданда байрам салтанатына қатнастық. Майданда Россия  Президенти В.Путин бәршени байрам менен қутлықлады. Сол күни  «Ақ зал»да  бизлерди сыйлықлаў мәресими салтанатлы жағдайда өтти. Дипломларымызды  тапсырды. Буннан басқа билимлендириў тараўы жумыслары менен жақыннан таныстық. Билимимди асырыў курсына да қатнасып  үлгердим ҳәм арнаўлы сертификатын алдым. Москва бойлап ҳәм автобуста,  ҳәм жаяўлап саяхат жасадық. Журналистлер менен ушырастық. Айта берсем,  бәри жүдә тәсирли. «Российская газета»ның басламасы менен шөлкемлестирилген бул таңлаў 17  мәртебе усындай салтанат пенен өткерилип атырғанына, биз оқытыўшы-мийманларға  деген рус ели басшылығының сый-ҳүрметине қайыл болдық. Қәне енди бизиң елде усындай таңлаў шөлкемлестирилип, Өзбекистанды, соның ишинде Қарақалпақстанды пүткил дүньяға биз де танытсақ  еди, деген жақсы әрманлар менен қайттық,-дейди жеңимпаз.

Инсанның  өзине исенип қәдем атқан тәўекелшилиги-инсанды жоқары шоққыларға жеткереди. Бул мениң қолымнан келмейди, деген пикирден ҳәр қашан аўлақ болыў керек. Мен ҳеш кимнен кем емеспен ҳәм  кем болмайманда, деп таслаған қәдемиң сени алдамайды.Бул пикирлерди Бийбихан муғаллим де мақуллайды ҳәм басқаларға тәўекелши болыўды мәсләҳәт етеди. Ҳақыйқатында да, егерде Бийбихан Сейтназарова енди напақа жасына жеткенде маған таңлаўдың неге кереги бар, деп қол силтемей,  тәўекелшилик етип интернет арқалы таңлаўға қатнаспағанында  Москвадай үлкен қалаға саяхаты  сол  балалықтағы әрманы менен қоса қалып кетер ме еди, ким билипти?!...

«Алыстағы ағайинниң аты озғанша, жақындағы аўылластың тайы озсын», деген гәп бар халқымызда. Мийнети баҳалы инсанлардың табысына ҳәр да-йым қуўанып отырамыз. -Бәринен де бурын мениң бахытым-аўызбиршиликли,  әдил басшысы бар,  қызығыўшаң жәмәәтке түсиўимде,-дейди Бийбихан толқынланып ҳәм өзиниң кәсиплеслерин мақтаныш етип. Мениң таңлаўда жеңимпаз болғанымды еситкен күннен баслап бәри әтирапымда  жуғырласып жыйналып қалды. Мектеп директорымыз Миясар Алламбергенованың  басшылығында жыйналыс өткерип, мени қызғын қутлықлады. Кетеримде ҳақ жол тилеп шығарып  салды. Бундай сый-ҳүрметтен артық және не керек?!  Москвада болғанымда жатақханада бирге турған Андижанлы достыма жәмәәтим ҳаққында мақтанғанымда, ол ҳайран қалып еди: «Бизлерде ондай қуўанған кәсиплеслер  болған жоқ», деп. Мине, мениң кәсиплеслерим-мен мақтаныўға  арзыйтуғын жәмәәт екенин және бир мәртебе дәлийлледи. Яғный, мен Москвадан келген ўақтымда жәмәәтим директорымыз Миясардың басшылығында Нөкис темир жол вокзалынан көпшилик болып  гүллер менен күтип алды.     

Бийбихан Сейтназароваға  жеңисиңиз ҳәм жақынлап қалған устазлар байрамыңыз  қутлы болсын, деў менен бирге, районымыздан талапшаң, билимге қуштар,  елимизди  дүньяға танытатуғын устазлар саны еле де көбейе берсин, деймиз!

 

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА