ДӘРАМАТ ТИЙКАРЫ - ҮЙ АЛДЫНАН
«Жийделик» аўылынан қаланың шетине көшип келген Генжемурат муғаллим кең алаптан жерди тегин алмаған екен. Аўылда отырғанда мектептен бос ўақытларында үй әтирапындағы жерине дийханшылық етип, балалардың несийбесин жерден өндирип үйренген ол, 1980-жылы районға көшип келиўден және дийханшылығын даўам еттиреди. Бир шети изейкеш, және бир қапталы ағын суў болған бул мәканды жәннеттиң өзи екен дейсең. Лекин, қандай қолайлы жер болмасын, әтирапқа бағ жаратыў, шаңарақтың керекли азықлық өнимлерин өндириў, бул ҳәммениң қолынан келе бермейди. Бүгинги күнде Генжемурат ғаррының түтинин түтетип, муғаллимшилиқ кәсиби болмаса да, дийханшылық ислерин даўам еттирип отырған улы Бахыттың үй әтирапындағы адамның қолынан дөреген гөззаллықларды көрип, усындай ойларға бардық. Себеби, олар менен қоңсы отырған, атызлары еле егиске таярлық та көрмеген шаңарақларға гуўа болған едик.
Бахыт Генжемуратов үш қыздың, бир улдың әкеси. Бүгинде ақлық сүйген ата. Бир гектар жерден өндирген өнимлериниң бала-шағадан аўысқанын базарға шығарып шай пулы ететуғынын районда көпшилик биледи. Буннан үш-төрт жыл бурын ҳармасынға барғанымызда мийўе нәллери аз ҳәм жас еди. Бүгинде ериклери нәрўан тереклерге айналып, мийўелери сырғып тур. –Ал, мына алмурт нәлин былтыр отырғызып едим, быйыл мийўе салды,-дейди майда алмуртлары көздиң жаўын алып турған жас нәлди көрсетип.
Кеше асқабақларын суўғарған екен, бүгин нәтийжесин берипти. Бирақ жабайы шөплер де суў ишкенине қуўанысып, қосылып бой созып атыр. Бул демек, Бахыт ағаның мийнети, деп ойлап қойдық ишимизден.
-Бул әтираптан дақыл алыўда бир өзимниң күшим жетпейди,-дейди ол. Үйдиң жанында аталас иним Аймурат пенен қоңсы турамыз. Екеўлеп усы мийнетлерди атқарып атырмыз. Бос ўақытларымда меншик тракторым менен адамлардың жерин сүрип беремен.
Аймурат әзилхановтың сөзлеринен де дийханшылықты бираз меңгергенин аңлаў қыйын емес. -Көпшилик адамлар дийханшылық бойынша кеңес сорайды. Билген тәжирийбемизди үйретемиз,-дейди Аймурат. Олардың шай-суўын берип, бир жағында жәрдемши болып жүрген Бахыт ағаның өмирлик жолдасы Тәжигүл апаныңда бос ўақты жоқ екенин аңладық. Үй жумыслары да бир ҳаял ушын үлкен жуўапкершиликти талап етеди.Оған қосымша атызды жабайы шөплерден тазалаў, мал-ҳал, майда жумыслы шөже бағыў, атыз өнимлерин базарға шығарыў. Есаплай берсек, еле таўсылажақ емес.
Бизиң айтажағымыз, ҳәр бир шаңарақ Бахыт Генжемуратов пенен Аймурат Әзилхановлардан үлги алып, үй алдында бос турған жерлерден өнимли пайдалансақ, базарға деген мүтәжликлердиң кемейип, базардағы өнимлердиң арзанлаўына себеп болмаспа еди?
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА