Siyosat ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ КЕҢ ЖОЛ

ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ КЕҢ ЖОЛ

0
ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ КЕҢ ЖОЛ

Заман раўажланып барған сайын, турмыста ҳаял-қызлардың роли олар атқарып атырған әжайып жетискенликлери арқалы дүньяны таң қалдырып атыр.Олар араласпаған тараў, олар ийелемеген шек қалмады десекте болады. Ал, сол дүньяны ләрземге келтирип атырған ойшыл, исбилермен ҳаял-қызлар дәслепки қәдемди әпиўайы бизнестен баслаған жоқпа екен, деген саўалға олардың ҳәр бириниң өмир жоллары менен танысып шықсақ, аўа, деген жуўапты аламыз. Бизиң бүгинги елбасшымыз алға қойған талаплар да исбилерменликти усындай әпиўайылықтан баслаў. Қәрежет мәселесин ҳүкиметимиз өз мойнына алып, жеңиллетилген кредитлердиң бир неше түрлерин усынып отыр. Президентимиз Ш.Мирзиёев Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде, халық пенен және де жақын болыў, халықты исбилерменликке тартыў, бул арқалы халқымыздың турмыс дәрежесин және де жетилистириў, елимизде исбилерменлик хызметин түпкиликли жақсылаў мақсетинде банклер алдына әҳмийетли мәселелерди қойып, зәрүрли бағдар ҳәм көрсетпелерди берди.

Райондағы аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң мәжилислер залында өткерилген семинар кеңестиң мазмуны да жоқарыда атап өткенимиздей, ҳаял-қызларды исбилерменликке бағдарлаўға бағышланды. Яғный, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли тараў хызметкерлери, колледж питкериўшилери, жумыссызлар, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳәм исбилерменлик ҳәрекетин енди баслап атырған ҳаял-қызлардың қатнасыўында өткерилген семинарда өарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар Комитети баслығы   З. Ибрагимова, Өзбекистан банклери ассоциациясы бас эксперти А.Имомходжаевлар шығып сөйледи. Олар өз сөзлеринде ҳәзирги күнде заман талабына сай ис алып барыўшы, исбилерменликти қәлеўшилер ушын имканиятлар есиги кең ашық екенин, соңғы ўақытлары халықтың банк хызмети ҳәм кредит қаржыларына болған талабы жақыннан үйренилип, исбилерменлик хызметин жолға қойыў тилегин билдирген пуқараларға жол жоба ҳәм мәсләҳәтлер бериў жолға қойылғанын атап өтти.      

Семинарға қатнасқан райондағы банк хызметкерлери, мәмлекетлик салық инспекцияның жуўаплы қәнигелерине сораўлар берилди. Орынлардағы ҳаял-қызлар мәсләҳәтшилери аймағында жасаўшы ҳаял-қызларды  исбилерменликке тартыў бойынша мәсләҳәтлер алды.

-Мен ҳаял-қызлар ушын кәсиплердиң бири-тигиўшиликке қызығаман. Колледжлер арасында исбилерменликке қызығыўшылар арасында өткерилип атырған таңлаўларға қатнасып Қарақалпақстанда үшинши орынды ийеледим. Қарақалпақтан 11 қыз Өзбекистан Республикалық турында қатнасып, бириншиликти қолға киргиздик. Бул жетискенликлерим менде алға қойған мақсетлериме исеним пайда етти. Сонлықтанда берилип атырған жеңиллетилген кредитлерден пайдаланып қалыўды өзим ушын бирден-бир тийимли жол деп ойладым ҳәм кредит алыў алдындаман. Кредитим еле питпей турып жумысымды ҳәзирше өзимде бар тигиў машиналары менен баслап жибердим,-дейди талапшаң қызларымыздан бири, аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң питкериўшиси Сайёра Ерғалиева.

Семинар қатнасыўшылар ушын көплеген түсиниклер алыў имканиятын берди деп ойлаймыз. әлбетте, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырып жүрген сораўларға жуўаплар алды.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА