«БИЛИМДАНЛАР МАЙДАНЫ»НДА МУFАЛЛИМЛЕР БЕЛЛЕСТИ
«Жақсы сөз-жан азығы». Биз китап оқыў арқалы жанымызға руўхый азық аламыз. Солай екен, келешек әўладтың озық ойлы болып жетисиўинде китаптың әҳмийети уллы.
Сонлықтан да бүгинги күни жәмийетимизде әўладтан-әўладқа мийрас болып киятырған китаптың әҳмийетин сақлаў ҳәм оны қайта тиклеўге мүтәжлик сезилмекте. Өйткени ки-тапқа болған қызығыўшылықтың төменлеўи менен жаслардың саўатлылық дәрежеси де пәсейип кетеди.
«Устазы күшлиниң устамы күшли» болғанындай, биринши нәўбетте устаз китаптан бир күн де өзин аўлақ тутпаўы тийис.
Усы мақсетте ҳәм 8-Март-халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен районлық мәденият ҳәм спорт ислери бөлими басламасы менен мектеп ҳәм колледж муғаллимлери арасында «Билимданлар майданы» интеллектуаллық ойыны өткерилди. Жарысқа ҳәр бир билимлендириў мекемесинен 5муғаллимнен қатнасып, дәслепки басқыштан жоқары балл топлаған 3 команда финаллық басқышқа жетип келди. Олар: 1ҳәм 3-санлы мектеплер, аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи муғаллимлери.
Жарыс шәртлерине муўапық қатнасыўшылар 8 шәрт бойынша: ҳәрекетке қарай жуўап, кәсип ийелериниң ескише аталыўы, дәстанларда ушырасатуғын ескише сөзлер, бир-бирине жақын мәнидеги сөзлер, баслаўшы менен жүзбе-жүз (логикалық сораў), ескише буйымлардың атамасы, нақыл-мақаллардан, районымыз тарийхынан дүзилген сораўлардан ибарат болды.
Жарыс жуўмағында 35балл топлаған 3-санлы мектеп муғаллимлери бириншиликти қолға киргизди. 2-орын 1санлы мектеп муғаллимлерине, 3-орын аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи муғаллимлерине тийисти. Барлық қатнасыўшылар байрам саўғалары менен сыйлықланды.
М.ИЗИМБЕТОВА