Siyosat Халықты дизимге алыӯдың мәмлекет турмыс дәрежесин үйрениўдеги орны

Халықты дизимге алыӯдың мәмлекет турмыс дәрежесин үйрениўдеги орны

0
Халықты дизимге алыӯдың мәмлекет турмыс дәрежесин үйрениўдеги орны

 

Не ушын халықты дизимге алыў халықтың турмыс дәрежесин үйрениўде әҳмийетли?

Халықты дизимге алыў социал-экономикалық сиясатты ислеп шығыў халық турмысын жақсылаўда жәрдем беретуғын қарарлар қабыл етиўге имканият береди. Буннан тысқары миллиардлап мәмлекет қаржыларын әдиллик пенен бөлистириўде жәрдем береди. Бунда билимлендириў бағдарламасы, денсаӯлықты сақлаӯ системасы, ҳуқық қорғаӯ уйымлары ҳәм автомобиль жолларын қурыў сыяқлы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаӯшы илажлар, аймақтағы халық санына қарап қаржыландырылады. Улыўма алғанда, халықты дизимге алыў арқалы мәмлекетимиз қандай өзгерип атырғанлығын бақлаўға болады.
Халықты дизимге алыў мағлыўматлары тек ғана қарар қабыл етиўшилер, статистика системасы ҳәм нызам шығарыӯшы мәмлекетлик уйымлары ушын ғана емес, сондай-ақ изертлеӯ ҳәм маркетинг компаниялары, сектор ҳәм сиясий партиялар ушын да қымбатлы мағлыўматлар дереги болып табылады.
Дизимге алыў алымлар айтқанындай, есабатларда анықланбаған мағлыӯматларды алыў ямаса оның мағлыўматларын тексериў ушын арнаўлы дүзилген статистикалық бақлаў түри болып есапланады.

Районлық статистика бөлими