Көп пенен көтерген жүк жеңил...
Адам саўдасы пүткил дүнья мәмлекетлериниң баслы машқалаларының бири есапланады. Адам саўдасы қурбанларының дерлик басым көпшилигин ҳаял-қызлар ҳәм балалар қурайды. Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы гүресиў менен байланыслы бир қанша ислер әмелге асырылып келинбекте.
Атап айтқанда, «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳәм басқа да норматив ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы 2003-жылы БМШның 1949-жыл 2-декабрдеги «Адам саўдасы ҳәм жынысый бузықшылықтың үшинши шахслар тәрепинен ислетилиўине қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенциясына қосылды. 2008-жылда болса адамлар, соның ишинде ҳаял-қызлар ҳәм балалар саўдасының алдын алыў ҳәм бул қылмыс ушын жазалаў ҳаққындағы, БМШниң трансмиллий бирлескен жынаятларға қарсы гүресиỹ ҳаққындағы Протоколы ратификацияланды. Адамлар саўдасы бойынша кең жәмийетшиликке мағлыўмат бериў, қурбанларға жәрдем бериў, сондай-ақ ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын еле де жеделлестириўге қаратылған бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алдын алыў мәжбүриятлары жүкленди.
Адам саўдасы жынаяты жүдә қәўипли ҳәм инсан қәдирин кемситиўши жынаят есапланады. Оның кемситиўши тәрепи соннан ибарат, яғный, бул жынаят қуллыққа уқсас болып келеди ҳәм инсанларды товар көринисинде сатыў арқалы дәрамат табыỹ менен байланыслы болады. Көпшилик жағдайларда бала саўдасы ҳәм де ҳаял-қызлардан жынысый бузықшылық мақсетлеринде пайдаланыўда өз көринисин табады.
Бундай мысаллардың бирин 2024-жыл сентябрь айында жынаят ислери бойынша Елликқала район судында көрип шығылған, жынаят кодексиниң 135-статьясының тийисли бөлимлери менен айыпланған судланыўшы Э.З. ҳәм басқалардың қарсысындағы жынаят иси мысалында көриўимизге болады. Атап айтқанда, судланыỹшылар Э.З. ҳәм басқалар жәбирлениўши Ш.К.ны Тайланд мәмлекетине жиберип, оннан үшинши шахслар менен жынысый қатнасқа түсириỹ жолы арқалы материаллық байлық арттырыỹды мақсет етип, Ш.Кның пластик картасына Ташкент-Бангкок жөнелисине авиабилет пулларын таслап берип, оны усы мамлекетке Э.З.ның жынайый шериги И.Х. жәрдеминде алып баратырғанында И.Каримов атындағы Ташкент халқаралық аэропортында ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери тәрепинен иркиўге алынған.
Бул пуқараларға суд тәрепинен жынаят кодексиниң 135-статьясына тийисли бөлимлери менен жаза шарасы қолланылды.
Жоқарыдағы жағдайлардан көринип турғанындай, адам саўдасы жынаятының көпшилик бөлеги алдаў жолы менен амелге асырылады.Солай екен, пуқаралардың бул бағдардағы ҳуқықый билимлерин еле де жетилистириў ҳәм бул иллет пенен қарсы гүресиўде ҳуқық қорғаỹ уйымлары менен бирге барлық мекеме, шөлкемлер бирге ислесиўлери, сондай-ақ, келешегимиз болған жасларымыздың ертеңги келешеги ушын зәрүр шәраятлар жаратыўда белсенди қатнасыўымыз керек.
Оразбай Мауленов
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир районы судың баслығы