Беккем шаңарақ - жәмийет тиреги
972
0
Тахтакөпир районында шаңарақлардағы айрылысыўлардың алдын алыў тийкарында районлық Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен мәжилис өткерилди. Мәжилиске Шымбай районларара пуқаралық Суды Музаффар Сапаев, пуқаралар жыйыны баслықлары қатнасты.
Мәжилисте шаңарақлардың шайпалыўының алдын алыў ҳәм ҳәзирги ўақыттағы айрылысыўларға алып барып атырған бир қанша себеплер ҳаққында түсиниклер берилди. Мәжилис даўамында қатнасыўшылар айрылысыў жағасына келип қалған шаӊарақларды жарастырыў мәселелери бойынша қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети