ЖАҢА ҚУРЫЛЫСЛАРДА ѲРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН САҚЛАЙЫҚ!
Районымыз жылдан-жылға абаданласып, жаңа қурылыс имаратлары бой тиклеп, гүлленбекте. Усы қурылысларда бахытсыз ҳәдийселердиң жүз бермеўи ушын қурылыс даўамында имаратларды биринши дәрежели ѳрт ѳшириў қураллары менен тәмийинлеўиңизди ҳәм кепсерлеў жумыслары барысы даўамында ток сымлары «Электр үскенелерин орнатыў» қағыйдасына муўапық ҳалда жүргизилиўди, газ тармағынан резина шланга арқалы пайдаланбаўды, территорияларда ашық оттан пайдаланыўға тыйым салыўды ҳәм басқа да ѳртке алып келиўши затлардан пайдаланбаўды және бир мәрте ескертемиз.
Жаңа қурылып атырған мекемелердиң басшылары ѳртке қарсы илажларға айтарлықтай дыққат-итибар аўдармай атырғанлығы, кепсерлеў жумысларын ислеў барысында ток сымлары қағыйдаға муўапық емес ҳалда жумыс исленип атырғанлығының ҳәм имаратларда ишки, сыртқы ѳртке қарсы суў тәмийнатына итибарсызлық, биринши дәрежели ѳрт ѳшириў қалқаншалары менен толық тәмийинленбегениниң гүўасы болып атырмыз.
Айырым пуқаралардың турақ жайларында кѳп ушырасатуғын кемшиликлердиң бири бул- газ плиталарына резина шлангаларды жалгап пайдаланып отырғаны ҳәм жас балаларды қараўсыз қалдырыўы болып, бундай бийпәрўа ақыбетлердиң ақыры унамсыз жағдайларға алып келеди. Бул пуқараларымызға кѳп материаллық зыян келтиреди.
Ҳүрметли пуқаралар Сизлерди усындай кеўилсиз ўақыялардың алдын алыўға ҳәм ѳртке итибарлылық пенен қараўға шақырамыз.
Берикбай БЕКПОЛАТОВ
Районлық Айрықша жағдайлар бѳлимиАЖБ АЖПБ инспектори аға лейтенант