Siyosat 13-октябрь - Халықаралық апатшылықлар қәўпин кемейттириў күни

13-октябрь - Халықаралық апатшылықлар қәўпин кемейттириў күни

0
13-октябрь - Халықаралық апатшылықлар қәўпин кемейттириў күни

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 22-декабрьдеги 44/236-санлы резолюциясына муўапық,1990-1999-жыллар, яғный Халықаралық тәбийий апатшылықлар қәўпин кемейттириў он жыллығы даўамында октябрь айының екинши сәршенбиси Халықаралық тәбийий апатлар қәўпин кемейттириў күни сыпатында белгилениўи дағазаланды.
2001-жылдың 21-декабрь күни Бас Ассамблеясының 56/195-санлы резолюциясы менен дәстүрди даўам еттириўге ҳәм ҳәр жылы күнди тәбийий апатшылықлар қәўпин кемейттириў мәдениятын пайда етиў, соның ишинде тәбийий апатлардың алдын алыў, ақыбетлерин жумсартыў ҳәм оларға таярлықты күшейтиў қуралы сыпатында белгилеўге қарар етти. Соннан баслап ҳәр жылы октябрь айының екинши сәрсенбисинде дүнья жәмийетшилиги Халықаралық тәбийий апатлар қәўпин кемейттириў күнин белгилеп өтеди.
2009-жылдың 21-декабрь күни Бас Ассамблеясының 64/200-санлы резолюциясына тийкарланып 13-октябрь - Халықаралық тәбийий апатлар қәўпин кемейттириў күни деп дағазаланды.
Айрықша жағдайлардан толық кепилленген ҳеш бир мәмлекет жоқ. Тәбийий апатлардың болса үлкен кишиси болмайды, ол мәўсим таңламайды. Айырым мәмлекетлерде жазийрама ыссы ҳүким сүрсе, базы жерлерде күтилмегенде сел ҳәм суў тасқынлары жүз бермекте. Қайсы бир мәмлекетте өрт болса, басқасында буның кериси болмақта. Жер силкиниўи, көшки ҳәдийселери де көплеп бақланыўынан хабарыңыз бар. Итибар берген болсаңыз, өткен жылы да дүньяның көплеген мәмлекетлери тәбийий апатлардан бираз жәбир көрди.
Сонлықтан да, Бирлескен миллетлер шөлкеми Бас Ассамблеясы Халықаралық тәбийий апатлар қәўпин кемейттириў күнин өткериў ҳаққындағы резолюциясын бийкар қабыл етпеген.
Айрықша жағдай ўақыт ҳәм жас таңламайды, дейди. Солай екен, айрықша жағдайлардың жүз бериўине, әсиресе тәбийий апатларға таяр турыў, оннан қорғаныў қағыйдаларын жаслықтан баслап өзлестириў керек. 2006-жылы басланған Халықаралық тәбийий апатлар қәўпин кемейттириў “Апатлар қәўпин кемейттириў жумыслары мектептен басланады”, деп бийкар атамаған.
Соның ушын да жүз бериўи мүмкин болған тәбийий апатлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў, халықты айрықша жағдайлардан хабардар етиў бойынша айырым мәмлекетлер қорғаныў илажларын өткерип келмекте.
Солардан, мәмлекетимизде де ҳәр жылы Халықаралық тәбийий апатлар қәўпин кемейттириў күни кең белгиленеди. Бизиң республикамыз көлеминиң бираз бөлеги сейсмик жағдайлы аймақта жайласқанлығы, жер силкиниўи, сел ҳәм суў тасқынлары, топырақ ҳәм қар көшкилери, таўлардан тас түсиўи ҳәдийселери менен байланыслы тәбийий апатлар жүз бериўи итималы бизден бул мәселеге итибар қаратыўды, барлық ўақытта сергек турыўды талап етеди.

С.Атамуратов
Тахтакөпир районы АЖМТ ҳәм ПҚ бөлимшеси баслығы, лейтенант