Халыққа кеңнен жетип барыўы ушын
Сондай-ақ, бүгин болған жыйналыстың күн тәртибинде төмендеги мәселелер қаралды.
Атап айтқанда, «Төлеўге уқыпсызлық ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша Тахтакөпир районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы Қутлымурат Турсымуратов баянат жасады. Баянатшы өз сөзинде атап өткениндей, ҳүжжетте төлеўге уқыпсызлықтың саламатландырыў принциплерин өткериў процессинде жүзеге келген ағымдағы салық төлемлерин есаплаўды тоқтатып турыў ҳәм процесс мүддети жуўмақланғаннан кейин төлеў, қарыздардың төлеў уқыбын тиклеў мақсетинде коммерциялық банклер, қаржы шөлкемлери ҳәм басқа да дереклердиң қаржыларын тартыў және саламатландырыў режелеринде алдыннан қарыздарлықтың қанша бөлегин қаплаўды нәзерде тутыў сыяқлы тәртиплер өз көринисин таппақта.
Сондай-ақ, «Перзентликке алыў тәртибиниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша Тахтакөпир районы прокуроры Полат Халмуратовтың баянаты тыңланды. Ҳақыйқатында да бүгинги күнде нызамсыз жоллар менен перзент асырап алыў, бала саўдасы менен байланыслы ҳалатлар көплеп ушыраспақта. Усы нызам менен перзентликке алыў менен байланыслы бир қатар шеклеўлер әпиўайыластырылмақта.
«Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик туўрысындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судының баслығы Даўлетияр Сражатдинов баянат жасады.
Және де районлық ишки ислер бөлими баслығының орынбасары Рустем Инятов Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик туўрысындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин түсиндирип берди.
«Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша Кадастр Агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Азамат Сарсенбаев шығып сөйледи.
Жыйналыс соңында барлық мекеме, кәрхана, шөлкем басшыларына жалпы мәжилисте көрип шығылған нызамлардың әҳмийетин орынларда халыққа түсиндириў жумысларын алып барыў тапсырылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети