Siyosat “Кекселер ҳәптелиги” басланды

“Кекселер ҳәптелиги” басланды

0
“Кекселер ҳәптелиги” басланды

 

Министрлер Кабинетиниң  “Кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орны ҳәм социаллық белсендилигин және де арттырыў ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптесинде елимиз бойлап  “Кекселер ҳәптелиги”н өткериў белгиленген. Усы тийкарда 4-10-октябрь күнлери аралығында ҳәптелик өткериледи.
"Кекселерди қәдирлеў, оларға ҳүрмет көрсетиў - халқымызға тән ағла пазыйлет" сүрени менен "Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Нураныйлар жаслар нәзеринде" атамасында ушырасыў өткерилди. Оған районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм ППЖ хызметкерлери, усы аймақта жасаўшы нураныйлар, оқыўшы жаслар қатнасты.
Ушырасыўда кексе әўлад ўәкиллери шығып сөйлеп, өзлериниң ибратлы өмир жоллары ҳаққында айтып берип, жасларды аталар жолына садық қалыўға шақырды. 
Сондай-ақ, ушырасыў шеңберинде нураныйлар оқыўшылар менен шахмат-шашка ойнап, кеўилли дем алды. 
Оқыўшылардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын еле де арттырыў мақсетинде мектеп китапханасында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў өткерилди.
Орынларда өткерилип атырған "Кекселер ҳәптелиги" нураныйларға көрсетилип атырған әмелий итибардың айқын дәлийли.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети