Siyosat "Жаңадәрья" АПЖ аймағында медиа тур шөлкемлестирилди.

"Жаңадәрья" АПЖ аймағында медиа тур шөлкемлестирилди.

0

Ерте бәҳәрден районымызда "Жаслар дәптери"не киргизилген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында секторлар тәрепинен оларға дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын ҳәр бир жасқа 1 гектардан жер ажыратып берилген еди. "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 12 жастың бәнтлиги усылайынша тәмийинленди. Бүгинги күнде дийқаншылыққа қол урған жаслардың мийнетиниң нәтийжеси менен танысыў мақсетинде бул аймаққа медиа тур шөлкемлестирилди. Аманжол Жаңашбаев  жүўери ҳәм  гүнжи дақылларын егип, жазда тәрбиялаған. Бүгинги зүрәәти болса жас дийқанның дийдилеген мақсетин бергенине журналистлер гүўа болды. Аманжолдың ҳәм оған бүгин қол қанат болып жүрген жәрдемши жаслардың арзыў-мақсетлери ҳаққында гүрриңлесиўлер өткерилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети