Баспасөз конференциясы өткерилди
Соңғы жыллары мәмлекетимизде ашықлық сиясаты, инсанпәрўарлыққа тийкарланған реформалар сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў процессинде де көзге тасланбақта. Халқымыздың ертеңги күнге исенимин, ўатанымыздың жарқын келешеги ушын жан күйдириўин сайлаў барысындағы олардың белсендилигинен көриўимизге болады.
Солай етип, елимизде күтилип отырған сайлаўға таярлық жумыслары да басланып кетти. Бизиң Тахтакөпир районында сайлаў алды таярлық жумыслары қалай алып барылмақта? Мине, усы сораўларға жуўап алыў мақсетинде район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен баспасөз конференциясы болып өтти. Онда журналистлер менен бирге сайлаў участкасы баслықлары, орынбасарлары ҳәм хаткерлери де қатнасты.
Баспасөз конференциясын район ҳәкими Жамбул Адилов ашты ҳәм сайлаў участкаларының бүгинги күндеги жумысларына тоқтап өтти.
Район ҳәкиминиң жәмийетшилик пенен ислесиў бойынша мәсләҳәтшиси, штаб баслығы Мурат Шабанов участкаларда алып барылып атырған таярлық жумыслары бойынша мәлимлеме жасады. Буннан соң быйылғы жылдағы Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў процессиндеги өзгерислер, таярлық жумыслары бойынша журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўаплар берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети