Халқымыздың мүрәжатлары тыңланбақта
2021-жылдың 23-июль күни Президентимиздиң басшылығында өткерилген “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен қайта қәлиплестириў ис-илажлары” бойынша кеңейттирилген видео мәжилисинде қаралған мәселелерден бәршениң хабары бар. Мәжилисте Президентимиз:
- биринши гезекте халықты мүрәжат етиўге ең көп мәжбүр етип атырған системалы машқалалар ҳәм оларды келтирип шығарыўшы себеплерин мәҳәллениң өзинде шешиў тийкарғы ўазыйпа болыўы кереклиги;
- 100 мың мүрәжатты толық ҳәкимлик күши менен шешиў имканияты бар екенлиги;
- енди пуқаралардың мүрәжатлары бирден-бир электрон базада жүргизилип, Халық қабыллаўханалары ҳәр шеректе мәмлекет уйымларының мүрәжатлар менен ислесиў бойынша ашық рейтингин қәлиплестиретуғынын;
- енди Өзбекстандағы ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлеринде пуқаралар қабыллаўлары алдынғыдай айына бир мәрте емес, ҳәр күни өткерилетуғыны;
- Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, сектор басшылары бир ҳәптеде еки күнди пуқараларды қабыл етиў ҳәм олардың мүрәжатлерин шешиўге ажыратыўын т.б. тапсырмаларды ўазыйпа етип белгилеп берген еди.
Тахтакөпир районында сектор басшылары, тийисли тараўлар менен биргеликте машқалаларды унамлы шешиў имканиятларын толық дәрежеде көрип шығыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестирип алды.
Өткен үш күн даўамында халық пенен ушырасыўлар өткерилип, мүрәжатларға шешим табыў жоллары қаралып атыр.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети