Жүз китапша - жүз түрли усыл
Қолланба китапшалар - ҳәр тараў ушын үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе ҳәзиргидей исбилерменликке кең жол ашылған бир пайытта пуқараларымыз ушын жүдә зәрүр. Дийқаншылықтың да, шарўашылықтың да, балықшылықтың өз жолы, қыры менен сырлары бар. Арнаўлы қәнигелер тәрепинен таярланған қолланбалар усындай тараўларда өз жумысын баслаўшылар ушын жақын жәрдемши бола алады. Яки болмаса үй алды қыйтақ жеримизге дақыл егиў, оның тәрбиясын бериў жоллары бәри-бәри жүз китапша қолланбаларда жәмленген. Районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен орынлардағы мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары, хаткерлерине қолланбалар жәмленбеси салтанатлы түрде тарсырылды. Олар өз мәкан аймағында жасаўшы қызығыўшы пуқараларға жеткерип береди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети