Siyosat "Дәўқара" аўыл пуқаралар жыйыны ҳаяллар мәсләҳәт кеңесинде "Ҳаяллар - өмир дөретиўшиси" атамасында семинар кеңес өткерилди.

"Дәўқара" аўыл пуқаралар жыйыны ҳаяллар мәсләҳәт кеңесинде "Ҳаяллар - өмир дөретиўшиси" атамасында семинар кеңес өткерилди.

0

 

Семинар кеңес жумысына район ҳәкиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары А.Аллиярова, аўыллық мәсләҳәт кеңес ағзалары, пуқаралар жыйынлары баслықларының шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселеси бойынша орынбасарлары қатнасты. Қатнасыўшылар "Дәўқара" аўыллық пуқаралар жыйыны ҳаяллар мәсләҳәт кеңеси баслығы ҳәм ағзаларының әмелге асырып атырған жумыслары менен танысты. Мектептиң дөгерек ағзаларының жумыслары көзден өткерилип, мектеп психологи тәрепинен психологиялық тренинг пенен даўам етти. Аймақ исбилерменлери тәрепинен таярланған көргизбе менен танысып шықты.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети