Табыс көзи - мийнетте
1109
0
Аз ғана мүмкиншилик берип, демеў болса ҳаял-қызларымыздың қолынан келмейтуғын өнердиң өзи жоқ.
Бүгин Тахтакөпир районлық мәденият сарайында "Ҳаяллар дәптери"нде дизимге турған, ҳаяллар фондынан жеңиллетилген кредит алып өз жумысларын баслаған ҳаял-қызлардың өнимлери бойынша таңлаў өткерилди. Таңлаўға Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Марям Ахмедова, район ҳәкими Жамбул Адиловлар қатнасып, исбилерменлик пенен жумыс баслап атырған ҳаял-қызлардың мийнетинен өнген өнимлерин көзден өткерди ҳәм олардың жумысларында табыслар тиледи.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети