Атыз басында медиа тур
Март, апрель айларында 1-сектор баслығы Жамбул Адилов тәрепинен Атакөл АПЖ аймағында жасаўшы "Жаслар дәптер"индеги жумыссыз жаслар менен көшпели қабыллаўлар өткерилди. Қабыллаўларда "Ҳәр бир жасқа бир гектар" бағдарламасы бойынша жер майданларын екилемши шәртнама тийкарында ажыратып бериў, жер майданларына ийе болған жаслардың техника ушын жанармай, дән ҳәм туқым алыўда жеңиллетилген кредит алыў бойынша мүрәжатлары тыңланып, оларға әмелий жәрдемлер берилген еди.
Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети ҳәм районлық әдиллик бөлими тәрепинен бир гектар жерге туқым сепкен ҳәм бийдайдан босаған жерлерде қайта егис пенен шуғылланып атырған жаслар менен атыз басында медиа тур шөлкемлестирди. Бир гектар жерде өндирилип атырған палыз, жүўери дақыллары, сондай-ақ, жақында бийдай атызынан босаған атызларға егилген гүзги қаўын-ғарбыз нәллерине тәрбия жумыслары алып барылып атырғанына гүўа болдық.
Әдиллик бөлими хызметкерлери тәрепинен ҳуқықый жақтан жәрдем бериўши арнаўлы буклетлер тарқатылды.
Журналистлер дийқан жигитлер менен сәўбетте болды.
Г.Дәўлетмуратова