Siyosat ОТ ЖАРА КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНЫҢ!

ОТ ЖАРА КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНЫҢ!

0
ОТ ЖАРА КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНЫҢ!

От жара кеселлиги бул ѳткир жуқпалы кеселлик болып, аўыр интоксикация, дене ыссылығының кѳтерилиўи, септицемия, териде жара пайда болыўы ҳәм айырым жағдайларда ишек ҳәм ѳкпе формасында пайда болады.
От жара жүдә қәўипли кеселликлер топарына кирип, усы кеселликти барлық түрдеги аўыл хожалық ҳайўанлары, жабайы ҳайўанлар ҳәм адамлар жуқтырып алыўы мүмкин. Үй ҳайўанларынан ири шақлы ҳәм майда шақлы ҳайўанлар, ат, ешек, түйе ҳәм бир қатар жабайы ҳайўанлар кеселленеди. Қуслар от жара кеселлиги менен тәбийий шараятта кеселленбейди. От жара кеселлиги қозғатыўшысы еки споралы ҳәм вегетатив түрлерде ушырасады. Адам ҳәм ҳайўан организиминен тысқарыда, сыртқы орталықта яки азық-аўқат орталықларында спора пайда етеди.
Спора формасы ҳәр түрли сыртқы орталықларға, тәсирлерге шыдамлы, от жара кеселлигиниң вегетатив формасы сыртқы орталыққа шыдамсыз болады. От жара кеселлиги спорасының сыртқы орталық тәсирине жүда шыдамлылығы - сыртқы орталықта тири сақланып қалыўына тәсир жасайды. Топырақта спораның қанша жыл сақланыўы толық үйренилмеген, айырым мағлыўматларға кѳре, топырақта бир неше 100 жыллап сакланыўы да мүмкин. Туўрыдан туўры қуяш нуры түсип турғанда 20 күннен артық жасайды. От жара кеселлигиниң спораларының сыртқы орталық тәсирине жүдә шыдамлылығы топырақта бир неше жыллар сақланыўы адам ҳәм ҳайўанлардың от жара кеселлиги менен кеселлениўине себепши болады. Тәбиятта кеселлик хайўанларға әпиўайы жол менен, яғный от жара споралары менен зыянланған топырақтағы ѳсимлик тамырларын жегенде жуғады. Бунда ас сиңириў ағзалары силекей қабатлары кеселлик қозғатыўшылары ушын кириў дәрўазасы болып хызмет етеди. Сондай-ақ, малларға кеселлик мал қораларда споралар менен зыянланған жем арқалы ҳәм малларды суўғарыў даўамында жуғыўы мүмкин.
Кеселленген ҳайўан ѳлими алдында дәслепки саатларда аўыз, мурын ҳәм арқа шығарыў тесиклери арқалы қурамында от жара қозғатыўшылары болған қан аралас суйықлық ажыралады. Үй шараятында кеселленген ҳайўанларды мәжбүрий сойыў, терисин сылыў, гѳшин майдалаў, ишек-қарнын, гелле-туяқларын тазалаў ўақтында мал сойыўда қолланылған әсбап-әнжамлар (пышақ, қанжар, тәрези, клёнка, ҳ.т.б) ҳам топырақ кеселлик қозғатыўшысы менен зыянланады. Кеселленген ҳайўанлар адамлар ушын эпидемиологиялық қәўип туўдырады. Бул кеселлик эпидемиологиялық бақлаўлар нәтийжесине кѳре, адамнан адамға жуғыў механизми жоқлығы себепли, кеселлик адамнан адамға жуқпайды.
От жара споралары менен зыянланған гѳш, гѳш ѳнимлери, гелле-туяқлары, қарын-ишеклери, тери, жүни, суў, топырақ ҳәм азық-аўқат ѳнимлери жетерли термик ислеў берилместен жеў нәтийжесинде адам организмине кеселлик қозғатыўшысы түседи.
Кеселленген яки ѳлген ҳайўан ѳнимлерине ислеў бергенде (қатнасы) қолдағы майда жарақатланған тери арқалы кеселлик қозғатыўшысы түсип, кеселликтиң тери формасын келтирип шығарады.
Ең кѳп тарқалған тери формасының 98-99 пайызында бақланады. Кѳбинесе денениң ашық бѳлимлери зыянланады. Инфекцияның кирген орнында дәслеп дақ, папула, везикуладан соң жара раўажланады. Бүрге шаққан изди еслететуғын киши исик бир неше саатлардан соң қызғыш реңли папулаға айналады. 12-24-сааттан соң барып папуланың иши суйықлыққа толады, бул суйықлық бираздан соң қарайып, қанталасқандай кѳринисте болады. Қышыў, қасыўдың ақыбетинде (базыда ѳз-ѳзинен) суйықлық жарылады ҳәм оның орнында қара, түби қоңыр, шетлери кѳтерилген сероз-геморрагиялық аўырыўсыз жара пайда болады. Бир суткадан соң жара 8-15мм.ге үлкейеди.
Кеселликтиң алдын алыў:
- от жара кеселлиги ең алды менен ҳайўанлар арасында тарқалыўының алдын алыў керек;
- аймақларда от жара кеселлиги бойынша эпизоотологиялык тынышлықты тәмийинлемей турып, эпидемиологиялық тынышлыққа ерисип болмайды;
-орынлардағы мал базарларда шарўа маллары ҳәм дийхан базарларда шарўашылық ѳнимлери сатылыўын қадағалаўға алыў;
-аўыл хожалығы ҳәм үй ҳайўанларын ветеринария врачларының рухсатысыз соймаў;
-топырақ ошақларының эпизоотологиялық ҳәм эпидемиологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў керек.

Тахтакѳпир районлық санитария-эпидемиология тынышлығы ҳәм жәмийет саламатығы бѳлими