Үлгили басланғыш шөлкем анықланды
Районымыздағы 5-санлы орта мектепте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасындағы басланғыш шөлкемлер арасында өткерилетуғын "Ең үлгили басланғыш шөлкем" көрик таңлаўының районлык басқышы, өткерилди.
Танлаўдың мақсети: кәрхана ҳәм билимлендириў мәкемелеринде социаллық- экономикалық раўажландырыўда басланғыш шөлкемлердиң белсенди қатнасыўын тәмийинлеў, кәсиплик аўқамлары белсендилерин, сондай-ақ, жасларды кәсиплик-аўқамы шөлкемлери жумысларына тартыў, басланғыш шөлкемлердеги кәсиплик аўқам белсендилериниң профессионал дәрежесин асырыў болып табылады.
17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби кәсиплик аўқам комитети баслығы Жулдыз Келимбетова 1-орын жеңимпазы болып, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди. Соңғы 2-орын 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси кәсиплик аўқам комитети баслығы Мийўагүл Абибуллаева, 3-орын "Бәркамал әўлад балалар орайы" кәсиплик аўқам комитети баслығы Айнура Қазакбаеваларға несип етти. Жеңимпазлар диплом және саўғалар менен сыйлықланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети