"Биз зулымлыққа қарсымыз!"
1171
0
Президентимиздиң "Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитациялаўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында Тахтакөпир районы әмелиятшы психологларының "Биз зулымлыққа қарсымыз" атамасындағы семинары өткерилди.
Ҳаял-қызлардың психологиялық мәдениятын арттырыў, оларды психологиялық жақтан қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый саўатын асырыў және де зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлардың кеўил кейпиятын көтериўден ибарат болған семинар жумысы мазмунлы жуўмақланды.