Сиясий мапаз алды семинар-кеңес
Быйылғы жылы мәмлекетимизде үлкен сиясий ўақыя - Президент сайлаўы болып өтеди. Бул әҳмийетли сиясий ўақыяға партиялар, ғалаба хабар қураллары, пуқаралардың белсендилик пенен қатнасыўы - сайлаўларды халық аралық белгиленген стандартлар, принциплер тийкарында демократиялық, ашық түрде әдил өткерилиўинде әҳмийетли хызмет етеди.
Бүгинги 3-санлы орта мектеп имаратында өткерилген семинар-тренингтиң мақсети - сайлаў процессиниң тийкарғы шөлкемлестириўшилери болған сайлаў комиссиялары ағзаларының тәжирийбесин арттырыў, оларға көмеклесиў, ҳәм сайлаў нызамшылығы ҳәм процесси бойынша билим және көнликпелерин арттырыўға қаратылған.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети