Нызамшылықтағы жаңалықлар
Сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен берилген шағымлар тек ғана судлар тәрепинен көрип шығылады.
“Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам (691-санлы Нызам, 31.05.2021-ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
❕Киргизилген өзгерислерге муўапық, сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен берилген шағымлар тек ғана судлар тәрепинен көрип шығылады.
???? Президент сайлаўын өткериў бойынша округ сайлаў комиссиясы 8–18 ағзадан ибарат қурамда дүзиледи.
Алдын 6-8 еди.
???? Ендигиден былай сайлаў бюллетенине талабанның ийелеп турған лаўазымы (жумыс түри), жумыс орны киргизилмейди.
❗️Сайлаўшылар менен ушырасыўлар сыяқлы ғалабалық илажлар олардың өткерилиў орны ҳәм ўақты ҳаққында тийисли район (қала) ҳәкимликлери кеминде үш күн алдын жазба түрде хабардар етилген ҳалда өткериледи. Бунда усы ғалабалық илажларды өткериў ушын руқсатнама талап етилмейди.
Р.Курбанов
Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси