Siyosat Дильфуза ҳүжжетли болды

Дильфуза ҳүжжетли болды

0
Дильфуза ҳүжжетли болды

Қараой АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Пирниязова Пахтагулдин тәрбиясында тәрбияланып атырған 2011-жылы туўылған жас өспирим Дошниязова Дилфуза Қазақстан Республикасында туўылған ҳәм усы күнге дейин туўылғаны хаққында гүўалық алынбаған. Районлық халық билимлендириў бөлими жанындағы әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымы тәрепинен ҳүжжетлер жыйналып, пуқаралық судына тапсырылған.
Бүгин балалар байрамы күни Дильфузаға районлық ПҲАЖ бөлими тәрепинен туўылғаны ҳаққындағы гүўалық таярланды ҳәм салтанат пенен оған апарып тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети