Siyosat Пуқаралардың мүрәжатлары итибарда

Пуқаралардың мүрәжатлары итибарда

19
Пуқаралардың мүрәжатлары итибарда

Президентимиздиң «Ха-лық  мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идеясы тийкарында, бүгинги күнде пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атыр.


Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 11-сентябрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы ӨРН-445-санлы Нызам талапларына тийкарланып, район ҳәкими Жамбул Адилов тәрепинен 1-секторға қараслы аймақларда ғалабалық көшпели қабыллаў, жеке қабыллаўларында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар қадағалаўға алынып, өз мүддетинде орынланыўы тәмийинленип келмекте.
Атап айтқанда,  район ҳәкимлигине 2023-жыл даўамында пуқаралардан 562 мүрәжат, 2024-жылдың март айына шекем физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 174 мүрәжат келип түскен болып, өз ўақтында қадағалаўға алынып, мүрәжатлардың унамлы шешимин табыў илажлары көрилмекте.


Бүгинги күнде көшпели қабыллаўлар даўамында пуқаралардан ден-саўлығына байланыслы материаллық жәрдем алыў, жумыссызлык, турақ жай менен тәмийинлеў, турақ жайын оңлаў ҳәм үй-жай кадастры мәселелеринде ең көп мүрәжатлар келип түсип атыр.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал Халық қабыллаўханасына, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине тиккелей үш ҳәм оннан көп мүрәжат еткен пуқаралар менен көшпели қабыллаў даўамында олар менен қайта ушырасып, мүрәжатларын унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.
Алдағы ўақытларда да халық пенен ашық байланыста болып, аймақларда ғалабалық көшпели қабыллаў ҳәм жеке қабыллаўлардың турақлы өткерилиўи, мүрәжат етип атырған ҳәр бир пуқараны «мүрәжатшы» ямаса «шағымшы» ретинде емес, керисинше оларды өз ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин әмелге асырыўда әмелий жәрдем сорап киятырған инсанлар ретинде көрип, мәселелердиң унамлы шешимин табыў ушын барлық зәрүрли илажлар көрилип барылады.

 

Нурполат Жарылқасынов
Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы