Президент Шавкат Мирзиёевтиң Мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы
Қәдирли ўатанласлар!
Пүткил Жер жүзиндеги ислам үммети менен бирге жанажан Өзбекстанымыздың барлық мөмин-мусылманлары да қутлы ҳәм мүбәрек Рамазан айын қуўаныш пенен күтип алды.
Дүнья мусылманлары ушын ең әзиз ҳәм қәдирли болған, барлық ийгиликли нийетлер орынланатуғын Рамазан шарийптиң кирип келиўи менен сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм қызғын тилеклеримди билдиремен.
Бәринен бурын, кеўиллеримизге ийман нурын бағышлайтуғын усы уллы байрамды елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм парахатшылық орталығында, шаңарағымыз, елимиз алдында күтип алып атырғанымыз ушын Жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик айтамыз.
Руўхый пәклениў, сабыр-қанаат, қайыр-сақаўат пазыйлетлери зыяда болатуғын уллы Рамазанды миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға сай, жоқары дәрежеде өткериў, елимиз мусылманларының ибадат әмеллерин емин-еркин орынлаўы ушын барлық шараятлар жаратылды.
«Инсан қәдири – уллы» деген адамгершилик принципимизден келип шыққан ҳалда, бул пазыйлетли айда халқымыз мәплерин тәмийинлеў, жас әўладымызды билим-ағартыўшылық, жақсы минез-қулқ ийелери етип тәрбиялаў, социаллық тараўға мүтәж адамларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетимиз, елимиз арасында мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын беккемлеў, муқаддес зыярат етиў орынлары, қойымшылықларды абаданластырыўға қаратылған саўаплы ислеримиз және де зыяда болады, деп исенемиз.
Ҳәдисте айтылғанындай, бул айда исленген бир ғана жақсылық он есе сыйлық болып қайтады.
Тилекке қарсы, бүгин дүнья жүзиниң бир қанша регионларында тынышсызлық, қарама-қарсылық ҳәм соқлығысыўлар жүз бермекте, бийгүна инсанлардың қаны төгилмекте. Биз пүткил халқымыз бенен бирге Жаратқан ийемнен дүнья жүзинде тынышлық ҳәм парахатшылық болыўын, гөззал диярымыздағы тыныш-парахат турмыс даўамлы болыўын шын кеўилден сорап, Қәдир түнинде ықлас пенен дуўалар етемиз.
Пурсаттан пайдаланып, усы қуўанышлы мәўритлерде дүнья жүзи мөмин-мусылманларын, дос ҳәм шериклеримизди муқаддес Рамазан айы менен қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларына тынышлық-аманлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Уллы Рамазан айы елимизге қут-берекет, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш, жаңа табыс ҳәм әўметлер алып келсин!
Рамазан айы және бир мәрте бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти