8-март байрамы қалай пайда болған?
Өтмишке нәзер таслайтуғын болсақ, бул күн ҳаял-қызлардың өз ҳуқықлары ушын гүресиў күнинен келип шыққан.
1857-жылы 8-март күни Нью-Йоркта аяқ-кийим тигиў фабрикасының жумысшы ҳаял-қызлары 10 саатлық жумыс күни, жақты ҳәм қурғақ жумыс орынларын, және еркеклер менен теңдей айлық алыўын талап етип шығады. Себеби, сол пайытлары жүдә аз айлық пенен ҳаяллар күнине 16 саат жумыс ислеген. 8-март күнги сол ўақыядан соң ҳаяллар шөлкеми дүзиледи ҳәм оған биринши мәрте ҳаял-қызлар ағза болады.
1910-жылы Копенгегенде өткен халықаралық конференцияда «8-март сәнесин халықаралық ҳаял-қызлар күни» сыпатында белгилеў усынысы көтериледи.
«8-март-халықаралық ҳаял-қызлар күни» 1965-жылдан баслап дем алыс күни деп белгиленеди. Сол күни ҳүкимет салтанатлы илажларда ҳаялларға байланыслы мәмлекет сиясаты әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабат береди.
Әсте-әсте бул күн ҳаял-қызлардың өз ҳуқықларын талап еткенлиги ушын емес, бәлки оларды қәдирлеў, ҳүрмет етиў ҳәм асырап-абайлаў күни сыпатында белгилене баслады.