Мийнет түби - рәҳәт
«Жерди бақсаң, жер сени бағады». Бул нақылдың мәнисине бурын онша мән бермейди екенмен. Районның қақ ортасында жасап атырсақ та, ерте бәҳәр басланғаннан үйимиздиң еки тәрепинен суў келеди. Суў келгенде алғәллезий болып жап салмалар тынбай толып ағып турған суў қайда саған?! Айына санаўлы күн келсе, соның өзи үлкен байрам. Бирақ сол келген суўға тоймайтуғын қоңсыларың болса, жаптың ақырынан суў ишетуғын болсаң, пайдасы жоқ. Үйиң, атызың дөңде жайласып, жап-салмаң әдеўир пәс болса, ҳәр суў келгенде жыламақтан бери болып, насосыңды алып жуўырасаң. Бирақ сол ақырынан ишилетуғын хожалық тилек тилеп отырғанда кеш түсип, суў бериў де тоқтатылады. «Сағадағы суў ишер, аяқтағы уў ишер», «әкең мурап болғанша, жериң ой болсын». Ата-бабаларымыз не деген данышпан, сөз тапқыш адамлар болған деп ойланаман усындайда. Жоқарыдағы жабым болып турып, есигимниң алдында көл- көсир жерим болып турып, суў ише алмай күйинип жүрген сол мен едим.
...Бир ўақытлары биз халқымыз бенен жүдә жатақ болдық. Бәри дүканда арзан, базарда арзан. Бәлеге қалып маңлай терлетип жүрмейсең. Есигиниң алдын гүллендирип қойғанлар да, мийнет етип қосымша дәрамат тапқанлар да болды. Бирақ «апам кетти мен қалдым»лап бир-биреў менен жарысыў, соның үйиндей етип безеў, басқаның кийгениндей кийимди қалай болмасын сатып алып сен де кийип шығыў, ғалаба көлик миниў деген түсиниклер болған жоқ. Қарның тойса-қурбан айт заман болды. Заман өзгерди, дәўир өзгерди. Адамлар қоңсы еллерге, оннан да ары шығып баслады, әтирапты, раўажланыўды көрди. Сана, сезим өсти. Солай болса да еле кемшиликлеримиз бар еди.
Мен келин болып түскен шаңарақтың алдында жаз писер жүдә мазалы еки түп алма өсип турды. Үйде майда балалар болмаған соң писиктиң ўақтында келгенлерге беремиз. Көпшиликтиң таңлайында мазалы дәми қалды, елеге дейин еслеп айтатуғынлар бар. Бир жаўын молдан жаўып бергеннен кейин еки түп алма ағашы да қуўрай баслады. Себеби, жер изей, жаўынның суўы неше күнлеп кепкен жоқ, мийўе тереклер жаўын суўында қалып қойды. Ақыры екеўи де қуўрады. Ҳәр жылы есигимиздиң алдында сығасқан қамыслар тербелип турады, үйге келген яки үйдиң жанынан өткен таныслар «салы егип қойыпсызларма?» деп ҳәзиллеседи. Қамысты орып аламыз. Жаўын жаўса қамыслардың қудайы бергени, саат санап және өсип береди. Ҳәр жылы бәҳәр, гүзде оның тамырын (поррық дейтуғынбеди) жулып биз ҳәлек. Келеси жылы және шайқалған қамысты көремиз. Бул узақ даўам етти. Егин егиў дегенди изинде қойдық.
2017-жылдан баслап үйимизге сектордың жигитлери келип баслады. Не машқалаңыз бар? Ҳәр келгенде усы сораў. Мен де еринбеймен, изейдиң жер бетине жүдә жақынлап қалғаны, оған бир илаж етиў керек, ишимлик суўының қубырлары тозған қусайды, оны өзгертиў керек, себеби, суўдан қоқымлы татлар шығады. Тағы басқаларды жазып әкетеди. Бир күни усы мақсетте келген жигитлерден сорадым, «прокурор жиберди сектордан деп тынбай келесизлер, мен де бир қосықты айтыўға еринбеймен. Булар әмелге асама, яки мен қуры шөллеп жүрменбе?» деп сорадым. Келген жигитлер өзлериниң ўазыйпасы халықтың машқаласын түртип алып, секторға апарыў екенин айтты. Солай етип, көп узамай мәденият бөлиминиң тусынан туўрылап гөне базардың жанындағы изейкешке қарай үлкен труба тартты. Труба тесик ҳалында болғаны ушын жан әтираптағы изей суўлардың бәрин өзине тартып, изейкешке қарай түсирип турады екен. Изей кетти, қамысқа дәрисин таўып сеўип, биротала хошластық. Помидор, қыяр, тағы басқа азықлық егинлер менен бирге мийўе нәллерин ектик. Суўғарғандағы машқаланы айтпағанда, жылда банкилеримизди тек атыздағы өнимлер менен жабамыз, алмаларымызды қысқа да орап, қақлап аламыз. Ерикти де солай, ҳәм варенье ҳәм қақ ерик. Қоңсы қобаларымыз да усылай мийнет етпекте. Ишимлик суўымыз ушын таза заманагөй қубырлар қойылды. Жолымызды көшемиз, ағайин-туўған, дос-яранлар менен биригип «Ашық бюджет»тен даўыс топлап, асфальтлап алақойдық. Мине, усылардың бәрине бас болып, халықтың машқаласын шешип берип атырған Президентимизге мың алғыс деп ҳәр күни рахметимизди айтамыз.
Халқымыз мийнет түби рәҳәт екенин жақсы түсинип алды.
Қайсы бир үйдиң жанынан өтип баратырып, мына үй жүдә сулыў, жақсы дизайнда салыныпты, деп ойласаң, ол үйдиң улы уста яки әкеси уста болып шығады. Ериншек адам ушын сылтаў көп, мийнеткеш адам болса мәўсим де таңламайды.
Мен не ушын гәпти ҳоо, алыс-тан, аўқам дәўиринен баслап бүгинги күнге дейин айтып отырман. Мақсетим, мийнет сүйгиш инсанлар ҳаққында сөз етиў еди.
Журналист сыпатында телехабарлардағы қубла районлардың жаңалығы, бизиң базарымызды да толтырып атырған дийқанлар, бүгингидей суўықта теплицадан өним жетистирип атырған мийнет сүйгиш инсанларға жүдә ҳәўес етемен. Өткен жыллары райондағы тоғай хожалығының теплицасындағы өним жетистириўи жақсы еди, «шымшықтан қорыққан тары екпейди», дегендей, олар суўықтың айтпай келетуғын қәҳәринен қорықты ма, быйыл тек лимонларымыз ғана өсип тур, деди баслығы Б.Турдыбаев. Дурыс, ықлым шараятымыз республикамыздың қубла районларына салыстырғанда суўықлаў келеди. Кешегидей суўықлар албыратпай қоймайды.
Районда соңғы 5-6 жылда жер менен шуғылланып жүрген жеке исбилермен Бишегүл Игиликованың теплицасына барғанымда, ол жерде от жағылмаған, газ жоқ, бул қалай деп ойлап турсам, ҳәр қарықтың тусынан плёнка менен айландырып жыллы суў өтетуғын етип қойыпты екен. Суўдың жыллылығы жерге урып, жерди жылытады. Жыллы суў болса жақын жерде тынымсыз ағып турған жер асты артезиан кранынан келип турған. Айланба шабыс етип, изейкешке қайта қуйылатуғын қусайды. Бишегүл апа еки жылдан бери топырақ таярлаў менен де шуғылланып жүр екен. Оның пайдасын көрип атырман, дейди ол. Негизи интернет арқалы теплицада егин егиў усылларын көрип, қызығып жүрген улы өз ойын айтқанда Бишегүл апа көп ойланып турмадым дейди. Қолайлы жер излеп, емлеўхананың арқа тәрепинде тасланды болып жатқан жерди алып, баласы менен мийнет етип көриў ойын район ҳәкими Жамбул Адиловқа жеткереди. Ҳәким мақуллап, исбилерменге жер бериледи. Ҳәр жылы қыста қыяр, помидор, салат жапырағы т.б өнимлерди өндирип атыр. Атызында ҳәр қыйлы мийўе нәллери, 300 ден аслам түрли сорттағы жүзим нәллери бар. Бишегүл апаны жаўын қуртын көбейтиў қызықтырып қалған.
Топырақты жумсартыўшы калифорния жаўын қурты өсимлик қалдықлары, ҳайўанлардың шығындылары менен азықланып, оларды өз ас сиңириў органлары арқалы өткерип, топыраққа таслайды. Усылайынша, топырақты азотқа ҳәм басқа да микроэлементлерге бай органикалық төгин менен тәмийинлейди екен. Жаўын қуртының ҳәрекетинде өнимдар топырақ пайда болып, барлық түрдеги егинлерден мол зүрәәт алыў мүмкиншилиги бар екенин халқымыз түсинип алған ҳәм оған сораныс көп екенин байқадық.
«Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйынының және бир турғыны Жеңисбай Хожалепесовты да теплица әтирапында жумыс ислеп атырған пайытында ушыраттық. Оның клубника өнимлери жапыраққа отырып, пиязлары енди бой көтере баслапты. Суўықлар сейилсе қырық күнлик қыяр егиўди баслайтуғын нийети бар екенин айтты. Ж.Хожалепесовтың да жерге таярлап атырған жаўын қуртларын көзден өткердик.
Биз теплица жумыслары менен танысып атырғанымызда бир топар адамлар келип қалды. Жақын жерден шақырықтан шыққан адамларма деп ойласам, олар туўры теплицаға қарай жүрди. Кейин билсем, Жеңисбай ағаның теплицалы болыўына себепши «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны бойынша ҳәким жәрдемшиси Жаңабай Исмамутов екен. Ол жәҳән банки арқалы 30 теплица алдырып, оның 26сын өз аймағына теплицада өним өндиремен деп бел буўғанларға, қалған төртеўин «Айдын жол»да жасаўшы пуқараларға тапсырады. Келген пуқаралар сол «Өзбекстан» МПЖ турғынлары болған теплица ийелери, Жеңисбай ағаның дийқаншылық усыллары, топырақ таярлаў жумыслары менен танысып шықты. Үй алдындағы атызда шырайлы етип путалған түрли мийўе ағашлары ҳәзирше қыс уйқыда. Жаздағы есик алдының гүллер менен қандай сулыў түске енетуғынын қоңсы-қобалар жақсы билемиз. Мине, булардың ҳәммеси мақаламның атамасына қосент етип алғанымдай, мийнет түби-рәҳәттиң дәлийли. Мийўелерин бүгинги күнге дейин жеп отырса, ҳәммеден бурын көкке бала-шағасының аўзы тийсе, жазы бойы атыздан палызларын үзип жесе, гүзде өнимин жыйнап алса, бәҳәрги, жазғы, гүзги гөззаллықтан жаны ләззет алса, буннан артық не керек?!
Гәптиң жуўмағында, мийнет сүйиўден қашпайық, дегим келеди.
Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА