Өзбекстандағы тәбийий суў ҳәўизлеринде балық аўлаў қағыйдалары тастыйықланды
Ҳүкимет қарары (80-сан, 09.02.2024-ж.) менен Өзбекстан Республикасының тәбийий суў ҳәўизлеринде балық аўлаў қағыйдалары тастыйықланды. (https://lex.uz/pdfs/6794177)
Қағыйдалар Өзбекстан аймағындағы барлық тәбийий суў ҳәўизлеринде хызмет алып барыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын мәжбүрийдур.
Қағыйдалар жасалма суў ҳәўизлери ҳәм тәбийий суў ҳәўизи есапланбайтуғын ирригация тармақларындағы қәпес қурылмаларда интенсив балық жетистириў технологиясы ҳәм аквакультураға қолланылмайды. Тәбийий суў ҳәўизлеринде төмендеги балық аўлаў қуралларынан пайдаланыў қадаған етиледи:
Жайма торлар (накидка);
Еки тәреплеме беккемленген 10 нан зыят илгекли қураллар (перемет);
Арнаўлы тамғаланған ҳәм есапқа алынбаған ҳәр қандай торлар;
илмекли аўлаў қураллары (астрага);
электр қармақ;
беккемленген дузақ тәризли торлар (вентер, мордушка) ҳәм басқа балық аўлаўдың браконьерлик қураллары.
Балықлардың өршиў дәўиринде, яғный, Әмиўдәрьяда ҳәм Сырдәрьяда 11-марттан–31-майға шекем, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тәбийий суў ҳәўизлеринде 26-апрельден-10-июньға шекем ҳәм басқа барлық тәбийий суў ҳәўизлеринде 16-апрельден-31-майға шекем балық аўлаў қадаған етиледи.