Siyosat Февраль айы не ушын қысқа?

Февраль айы не ушын қысқа?

16
Февраль айы не ушын қысқа?

Неге февраль айы басқа айларға қарағанда қысқарақ? Неге март яки август емес?

Қәдимги Рим календарында февраль бир ўақытлары жылдың ақырғы айы болған.

Сол ўақытларда жыл март айында басланған болып, жылдың ҳәр бир айы дәслеп 29 яки 31 күннен ибарат болған. 

Февраль ақырғы ай болғаны ушын оған бир күн жетпей қалған. Суткалардан қалған қосымша шерек күнлер топланып, ҳәрт төрт жылда маҳрум етилген айға қосымша және бир күн тийискен.

Эрамыздың Юлий Цезарь дәўириндеги 45-жылында күшке кирген календарьда айлар өзгертилип, тақ айларға 31 күн, жуп айларға 30 күн ажыратылды. Ақырғы февраль айы 29 күнге,  толық жылында болса 30 күнге ийе болды.

Тахтқа жаңа император-Октавиан Август отырады. Оған август айы Юлий Цезарьға бағышланған июль айына қарағанда бир күн кем болғаны жақпады. Даңқпараз Август календарьдағы "өз айына" бир күн қосыўын буйырады. Бир күн қай жерден алынды, дейсизбе? Әлбетте, февраль айынан-да, себеби бул ай ақырында турар еди.

Сол-сол екен, сентябрьден баслап тақ айларға 30, жуп айларға 31 күн берилип, айлардағы күнлер саны өзгерди. Февраль болса 28 күн, толық жылында болса 29 күнге ийе болды.