Лицензиясы бийкар етилген жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бирде бир студенти көшеде қалмайды – Жоқары билимлендириў министрлиги
Мәлим болғанындай, 5 мәмлекетлик емес ЖООның лицензиясы бийкар етилген болып, енди олардың саны 6 ға жетиўи мүмкин.
Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлигиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта лицензия талапларын ҳәм шәртлерин қопал рәўиште бузғанлығы ушын 6 мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеминиң тийисли лицензияларын бийкар етиў бойынша судқа даўа арзалары киргизилген. (https://t.me/eduuz/19636)
Соннан 5 еўиниң лицензиялары бийкарланып, және биреўиниң лицензиясы бийкарланыўы бойынша суд даўам етпекте.
Енди усы оқыў орынларында оқып атырған студентлер қай жерге барады?
Министрлик бул сораўға Президенттиң 2023-жыл 3-июльдағы ПҚ-200-санлы қарары (https://lex.uz/docs/6518515) менен жуўап береди.
Лицензиясы бийкар етилген билимлендириў шөлкеми яки жаўылған билимлендириў бағдарламасында оқып атырған студентлерге оқыўын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң сәйкес ҳәм түрлес билимлендириў жөнелислери ҳәм қәнигеликлерине белгиленген тәртипте оқыўын көшириў ҳуқықы министрликке берилген.
Министрликтиң мәлим етиўинше, лицензиясы бийкар етилген “Valley Innovative University”, Үргениш қаласындағы Binari университетиниң барлық студентлериниң тийисли тәртипте оқыўлары көширилген. Сондай-ақ, лицензиясы бийкар етилген басқа оқыў орынлары студентлериниң оқыўын көшириў жумыслары шөлкемлестирилмекте.