Siyosat Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын санаторияларға жоллама алыўдың жаңа модули иске түсириледи

Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын санаторияларға жоллама алыўдың жаңа модули иске түсириледи

18
Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын санаторияларға жоллама алыўдың жаңа модули иске түсириледи

Жаңа система «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви», «Пенсия қоры», «МСЭК» базаларына толық интеграцияласқан болып, барлық мағлыўматлар онлайн рәўиште алынады.

Социаллық қорғаў  миллий агентлиги тәрепинен кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын санаторияларға жоллама ушын нәўбетке алыўдың жаңа модули иске түсириледи.
Буннан тийкарғы мақсет-системаны санластырыў, бар болған кемшиликлерди сапластырыў арқалы системаны және де жетилистириўден ибарат. 
Жаңа модулдиң бир қатар абзаллықлары бар. Мәселен, жаңа система «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви», «Пенсия қоры», «МСЭК» базаларына толық интеграцияланған болып, барлық мағлыўматлар онлайн рәўиште алынады. 
Арнаўлы интеграция мүрәжат еткен шахслардың ҳақыйқый жағдайын, оларға белгиленген пенсия ҳәм майыплық дәрежесин автоматикалық  тәризде анықлаў имканиятын береди. 
Арзаларды Мәмлекетлик хызметлер орайы, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары, «Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы» яки «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў»  мәлимлеме системасындағы жеке кабинети арқалы тапсырыў имканияты болады. 
Жаңа системада «Инсан» социаллық хызметлер орайлары хызметкерлерине орайдан яки көшпели рәўиште санаторияларға жоллама ушын арзаларды киргизиў имканиятлары жаратылады; 
Барлық келип түсип атырған арзалар тайпасы бойынша ажыратылады, арнаўлы бөлимде нәўбетке алынады ҳәм тайпаларға ажыратылған режеден келип шығып жоллама ажыратылады. 
SMS-хабарнама системасы енгизиледи, нәўбети келген шахсқа 20 күн ишинде  байланыс қураллары арқалы хабар бериледи. 
Жолламалар мүддетиниң әмел етиў мүддети басланыўынан 10 күн алдын бериледи. 
Система 9-февральдан баслап иске түсирилиўи күтилмекте.