ТАЛАПЛЫҒА НУР ЖАЎАР
Ата-бабаларымыз ҳәр қашанда перзент тәрбиясына, оның ертеңги келешегине жақсы исеним менен қарап, ең жақсы қәсийетлерди бойына сиңдирип, тәрбиялап келген. Өнер үйренип, белгили бир кәсиптиң басын услаған адам ҳеш қашан қор болмайды.
Қолы бос болса темирден ҳәр түрли нәрселерди соғып, бара-бара изленип, ҳақыйқый буйым таярлаў дәрежесине жетискен Ақылбек бүгинлиги темир профилден есик, дәрўаза, әткөншек ҳәм басқа да буйымлар таярлап, қарыйдарлардың көзин қуўандыра алды. Бул кәсипти темиршилик пенен шуғылланыўшы ағасына жәрдемши болып жүрип, қунығып үйренди. Кейин ала өзи де темиршиликти өз алдына жолға қойыўды нийет етти. Буннан сәл кем үш жыл алдын жеңиллетилген кредит алып керекли әсбап-үскенелерин сатып алды.
Ол ҳәр дайым өзиниң жеке устаханасы, онда темирши ушын керекли болған барлық әсбап-үскенелердиң болыўын қәлейди. Бирақ ҳәзир ижарада турып, жумысын әсте-әсте ҳәрекетке келтирип атырған Ақылбек Үббиниязовтың келешекте дегенине жетеди деген нийеттемиз.
Талабында болған адам имканиятын излейди. Қолыңда жақсы өнериң болса, ҳәр дайым өз тәжирийбеңди асырып барсаң, қарыйдарлар саны да көбейип барады. Олардың көбейиўи болса дәраматтың асыўына себепши болады.
Бүгинги күнде исбилерменлик пенен шуғылланаман дегенлер ушын шәраятлар жетерли, талабында болғанлар гөзлеген мақсетине жетисип атыр.
Президентимиз 2024-жылды-«Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп белгиледи. «Инсан қәдирин улығлаў, халқымыздың мәплерин тәмийинлеў, буның ушын күшли экономика дүзиў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады»-деп атап өткен еди ел басшымыз.
Ертеңги келешегимиз ийелериниң усындай муқаддес ўатанымыздың мүнәсип перзентлери болып жетисиўи ушын соңғы жылларда үлкен жумыслар әмелге асырылды ҳәм жаңа жылда да бул уллы ислер даўам еттириледи.
Жылдың булай аталыўы жасларымыздың сапалы билим алыўы, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, турақлы жумыс орынларын жаратыў, өз бизнеслерин жолға қойыў, жас шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде басланған үлкен ислердиң орынланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА