Siyosat ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

12
ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

 Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Улуғбек Иноятовтың исенимли ўәкили, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы  Халилла Ешимбетовтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

 

 

Ушырасыўға студент-жаслар, жәмийетлик шөлкем  ўәкиллери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллери, жергиликли кеңес депутатлары, партия белсендилери қатнасты.

 Ушырасыўда талабанның исенимли ўәкил Халилла Ешимбетов сайлаўшыларға талабанның өмирбаяны ҳаққында толық мағлыўмат берди.  Онда талабанның сайлаўалды бағдарламасындағы тийкарғы жөнелислерге тоқтап өтти. Атап айтқанда, бағдарламада күшли социаллық сиясат, арзан турақ-жай ҳәм сапалы коммуналлық хызметлер, кепилленген ҳәм сапалы медициналық жәрдем көрсетиў, жаслар ушын билимлендириў тараўындағы кепилленген жеңилликлерди беккемлеў, социаллық бағдардағы базар экономикасы, товарь ҳәм хызметлердиң социаллық сәйкеслиги, социаллық теңликке тийкарланған демократия, суд-ҳуқық реформалары, конструктив сыртқы сиясатқа тийисли 9 тийкарғы жөнелислер бойынша анық ҳәм мәнзилли усыныслар ҳәм басламалар орын алған.

 Буннан тысқары, Халилла Ешимбетов Өзбекстан Халық демократиялық партиясының бағдарламалық мақсети - социаллық мәмлекет концепциясы екенлиги, сол себептен де жаңа редакциядағы Конституцияда белгиленген социаллық мәмлекет статусынан келип шығып, мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерин нәтийжели әмелге асырыў механизмлерин беккемлеў ҳәм   демократиялық социаллық мәмлекетти қурыўға айрықша итибар қаратылғаны жөнинде тоқталып өтти.

 Исенимли ўәкил өз баянатында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың келешектеги мүмкиншиликлери ҳаққында тоқталды. Атап айтқанда, талабан бағдарламасындағы халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды турақлы жумыс менен тәмийинлеў, майыплығы болған ҳәм имканияты шекленген шахслар ушын турақлы жумыс орынларын жаратыў, инфраструктураны жақсылаў, ишимлик суўы, электр, тәбийий газ тәмийнаты менен байланыслы машқалаларды сапластырыўға қаратылған басламаларға итибар қаратты.

 Ушырасыўда сайлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.

 Ушырасыўда сөзге шыққан белсендилер Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Президентлигине талабан Улуғбек Иноятовтың Сайлаўалды бағдарламасын қоллап-қуўатлап, сайлаўшыларды сайлаўда талабанға даўыс бериўге шақырды.