Siyosat НЫЗАМДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

НЫЗАМДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

4
НЫЗАМДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик уйымлары менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының  нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар көрилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам хүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамы
(26.04.2023-жыл ӨРН-833-сан)
1.  Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған жаңа 50914-статьясына тийкарланып, Кассация инстанциясы суд, Кодексте белгиленген тийкарлар бар болғанда, сондай-ақ лаўазымлы шахслардың итибарын сорастырыў, дәслепки тергеў ҳәм суд додалаўы ҳәрекетинде жол қойылған кемшиликлерге қаратыў тийисли болған жағдайда айрықша уйғарыў шығарады.
2.  «Суд  ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы нызамға төмендеги  өзгерислер  киргизилди;
- суд ҳүжжетлери тийкарында берилетуғын орынлаў бетлери 3 жыл ишинде орынлаўға тапсырылыўы  мүмкин (27-статья):
- мәмлекет орынлаўшысының қарарлары яки ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен арыз ҳәкимшилик судына яки бойсыныў тәртибинде жоқары турыўшы уйымға, лаўазымлы шахсқа бериледи  (861-статья).
3. Пуқаралық процессуал кодексине төмендеги қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди;
- Енди өз-ара байланыслы болған, айырымлары пуқаралық ислери бойынша судқа, айырымлары ҳәкимшилик судқа тийисли болған бирнеше талапты бирлестириўге  жол  қойылмайды (27-статья):     
- Ис материалларын судқа тийислилигине  муўапық пуқаралық ислер бойынша судтан басқа судқа өкериўге тийисли қағыйдаларды тәртипке салыўшы, яғный  311-статья менен толықтырылды:
- Экономикалық яки ҳәкимшилик судтан арза яки ис материаллары судқа тийислилигине көре келип түскенде судья арзаны тийисли талапларға муўапық емеслигин анықласа, арза судқа келип түскен күннен 10 күннен кешиктирмей даўагерге (арза ийесине)кемшиликлердиң алдын алыў ҳаққында хабар береди ҳәм оған буның ушын 10 күннен аспайтуғын  мүддет береди (192-статья):
- Сондай-ақ, кассация арызын (протестин) көрместен  қалдырыў (4078-статья) ҳәм де кассация арызы (протести) бойынша ис жүргизиўди  тамамлаўға (4079-статья) тийкарғы  қағыйдалар тәртипке салады. 
4. Экономикалық процессуал кодекске төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар  киргизилди: 
-ис материалларын судқа тийислилигине муўапық экономикалық судтан басқа судқа өткериўге  тийисли  қағыйдаларды тәртипке салыўшы, яғный 311-статья менен  толықтырылды:
-  ендигиден былай,  судқа тийислилигине муўапық пуқаралық ислери бойынша судтан яки ҳәкимшилик судтан даўа арзасы (арза) яки ис материаллары келип түскенде судья даўа арзасы (арза)белгиленген талапларға муўапық емеслиги анықланса, арза (арыз) суд келип түскен күннен баслап 5  күннен кешиктирмей даўагерди (арза ийесин) кемшиликлерди сапластырыў тийислиги ҳаққында хабардар етеди ҳәм оған буның ушын 10 күннен аспайтуғын мүддет бериледи (152-статья).
5. Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексине төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар  киргизиледи:
- ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў принциплеринен бири болған “тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлығы” принципи “судтың қатнасыўы” принципине өзгерттирилди (11-статья);
- ис материалларды судқа тийислилигине муўапық ҳәкимшилик судтан басқа судқа өткериўге тийисли  қағыйдаларды тәртипке салыўшы жаңа 273-статьясы менен толықтырылады;
- Кодекс келисиў питимин тәртипке салыўшы жаңа 151-бап пенен толықтырылды.
6. “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға киргизилген қосымшаға көре, зыянлардың орнын қаплаў ҳаққындағы арзалар (арызлар) бойынша талап суммасының 2 пайыз муғдарында, бирақ БЕМның 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы өндириледи.

Зулпиқар Ережепов
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы