Жәмлескенлик пенен қатнасты
Елимиздеги әҳмийетли сиясий процесс-«Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша улыўмахалықлық референдумы бизиң районымызда да жәмлескенлик пенен өткерилди.
40604 халық жасайтуғын районымызда референдумға қатнасыў мүмкиншилигине ийе болған жастағылар саны 19769 пуқараны қурады. Референдум өткериўши 20 участканың 16 участкасы улыўма орта билим бериў мектеплеринде, қалған участкалар районлық мәденият орайы, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, кәсип-өнер мектеби менен бәркамал әўлад дөретиўшилик орайларында жумыс алып барды.
Референдумға 18630 пуқара өз даўысларын берди, яғный халқымыздың 94,2 пайызы қатнасты деген сөз.
Гүлнара Дәўлетмуратова