Siyosat НЫЗАМДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

НЫЗАМДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

0
НЫЗАМДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

Усы жылы 23-март күни  “Өзбекстан  Республикасының  Жынаят ҳәм де Жынаят-орынлаў кодекслерине  қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы  Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. Нызамға муўапық, 

 1. Жынаят кодексиниң 73-статьясына киргизилген өзгерислерге  тийкарланып, алдағы ўақытта жазаны өтеўди мүддеттинен алдын шәртли рәўиште азат етиў: 
  жазаны өтеўши аўыр жынаят ушын жаза мүддеттиниң кеминде үштен еки бөлимин (алдыннан ярымын); 
Оғада аўыр жынаят ушын болса төрттен үш бөлимин (алдыннан үштен еки бөлими) өтеп болғаннан соң қолланылыўы белгиленеди.
2. 74-статьяға киргизилген өзгерислерге тийкарланып жазаны жеңиллиригине алмастырыў:                   
- аўыр жынаят ушын жазаның ярымын (алдыннан үштен бир бөлимин); 
 - оғада аўыр жынаят ушын жазаның үштен еки бөлимин (алдыннан ярымын) өтеп болғанан соң қолланылыӯы белгиленеди. 
3. Жынаят-орынлаў кодексиниң  18-статья бесинши бөлими менен толтырып, оған бола, жазаны өтеўшилерди кино, фото, видеоға түсириўге ҳәм олардан интервью алыўға олардың жазба разылығы менен бирге жазаны орынлаўшы ўйымларының   рухсаты алыныўына талап қойылды. 
4. Жынаят-орынлаў кодексиниң 105-статьясы биринши бөлимине өзгерис киргизилип, жазаны өтеўшилерди нәўбеттеги ушырасыўдан айырыў тәризиндеги жаңа тәртип-интизам жаза  шарасы киргизиледи.       
5. Жынаят-орынлаў кодексиниң жаңа  1121-статья менен толықтырылып сақлаў режимин турақлы бузыўшы деп табылған жазаны өтеўшилерге қарата  судқа төмендегилер бойынша усыныс киргизиледи:       

мәнзил-колониядан улыўма тәртипли колонияға, улыўмалық, қатаң ямаса арнаўлы тәртипли колониялардан түрмеханаға өткериў бойынша; 
мәнзилли-колониядан улыўма яки қатаң тәртипли колонияға, қатаң тәртипли колониядан арнаўлы тәртипли колонияға, колониядан – түрмеге қайтарыў ҳаққында.
(Усы тәртиплер алдын тәртип-интизам жаза сыпатында жазаны орынлаў  мекемелери тәрепинен қолланылған).

Зулпиқар Ережепов

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы