Siyosat Жаңа Өзбекстан - Жаңаланған конституция

Жаңа Өзбекстан - Жаңаланған конституция

0
Жаңа  Өзбекстан - Жаңаланған конституция

Конституциямызға киргизилип атырған өзгерислер тийкарынан, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери бағдарында, суд-ҳуқық тараўында, мәмлекет басқарыўы, сыртқы сиясат, шаңарақ институты, билимлендириў, медицина, экология тараўларына тийисли екенин атап өтиўимиз керек.
Пуқараларға референдумды өткериўге байланыслы мәселелер бойынша жедел ҳәм қолайлы тәризде ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлер бериў, олардың референдум нызамшылығы бойынша ҳуқықый мәдениятын арттырыў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири саналады.
Референдум латын тилинен алынған болып “хабар етилиўи керек болған” деген мәнисти аңлатады. Өзбекстан Республикасының референдумы Өзбекстан Республикасының нызамлары ҳәм басқа қарарларын қабыл етиў мақсетинде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша пуқаралардың улыўмахалықлық  даўыс бериўи болып табылады.
Референдумда қабыл етилген қарарлар жоқары юридикалық күшке ийе болады. Егер референдумда қабыл етилген қарарларда басқаша тәртип нәзерде  тутылған болмаса, референдумда  қабыл етилген қарарлар тек ғана референдум жолы менен бийкар етилиўи ямаса өзгертилиўи мүмкин.
Референдумның сайлаўлардан парқы сонда, яғный ол лаўазымлық шахсларды белгиленген лаўазымға сайлаўды емес, ал мәмлекет  ҳәм жәмийет әҳмийетине ийе болған мәселелерди Конституция нызамларына  өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, ишки ҳәм сыртқы сиясий машқалаларды  шешиўди өз алдына  ўазыйпа етип қояды.   
Енди, референдумда кимлер қатнасада деген сораўға келетуғын болсақ, Референдум өткерилетуғын күнге шекем ямаса референдум күнинде он сегиз жасқа толған Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасы референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе. Суд тәрепинен қатнасыўға уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын суд ҳүкими менен еркинен айырыў тәризиндеги жазаны өтеў орынларындағы шахслар референдумда қатнасыў ҳуқықына ийе емес.
Социаллық  шығысы,  жынысы, расасы, миллети, динге мүнәсибети, мағлыўматы, жеке ҳәм жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарап пуқаралардың референдумда қатнасыў ҳуқықларын  шеклеў қадаған етиледи 

 

Гафур Абдиев 

Тахтакөпир районы прокурорының жәрдемшиси