Siyosat Хызметлер тараӯы көрсеткишлери

Хызметлер тараӯы көрсеткишлери

0
Хызметлер тараӯы көрсеткишлери

Хызметлер тараӯын раӯажландырыӯ-базар экономикасы қəлиплесиӯиниң ең баслы шəртлеринен бири есапланады. Бүгинги күнде мəмлекетимизде алып барылып атырған базар реформалары жəмийетти раӯажландырыӯдың ең баслы социал-экономикалық ӯазыйпаларын шешиӯде хызмет көрсетиӯ тараӯының ролин асырыӯға үлкен тəсир көрсетеди. Хызметлердиң ҳəр түрлилиги халықтың үлкен бөлегин өмир сапасын ҳəм пəраӯанлығын жақсылаӯ имканын береди. Нəтийжеде 2022-жыл даўамында хызметлер ислеп шығарыӯ өлшеми 151,7 млрд. сумды қурады. Өсиӯ пəти өткен жылдың январь-декабрь айларына салыстырғанда 111,7 процентти қурады.
Район  бойынша жоқары үлес транспорт хызметлери 29,3% ҳəм саӯда хызметлери 28,6% ти қурады.
Онша жоқары болмаған архитектуралық, инженерлик излениӯлери, техникалық сынақлар ҳəм анализлеӯ тараӯындағы хызметлер 0,4%, ден-саӯлықты сақлаӯ хызметлери 0,9%, жасаӯ ҳəм аӯқатланыӯ хызметлери 1,1% ти қурады.
Районда өткен жылдың январь-декабрь айларына салыстырмалы жоқары өсиӯ пəти финанслық хызметлер 119,2%, байланыс ҳəм мəлимлеме хызметлери 116,4%ти қурады.
Онша жоқары болмаған өсиӯ- жасаӯ ҳəм аӯқатланыӯ хызметлери 100,9%, ижара хызметлери 105,0% ти қурады.

Марат ӘЎЕЗОВ
      Районлық статистика бөлиминиң жетекши қəнийгеси