Сапалы медициналық хызмет көрсетиў жолында
Медициналық патронаж хызмети инсан саламатлығын асыраўда, кеселликлердиң алдын алыўда әҳмийетли орын тутады. Әлбетте бул тараўдағы жумыслар талап дәрежесинде жолға қойылса жәмийетимиздеги көплеген медициналық-социаллық машқалалардың алды алынады. Тийкарынан ана ҳәм бала өлиминиң алдын алыў, кеселликлер санын кемейтиў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисиледи. Сол себепли патронаж хызметин жоқары басқышқа алып шығыў мақсетке муўапық болады.
Бизиң районымызда патронаж хызметин әмелге асырыўшы медицина хызметкерлери тәрепинен бүгинги күнде халықтың арасынан патронаж көмегине мүтәж болған қатламлар анықланып, медициналық жәрдемлер көрсетилмекте.
Район ҳәкими Жамбул Адилов медицина бирлеспесинде халықтың денсаўлығын беккемлеў жолында нәтийжели жумыс алып барып атырған медицина хызметкерлери менен ушырасып, район ҳәкимлиги қәўендерлиги есабынан 42 патронажға патронаж сумкалары тапсырылды.
Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА