Siyosat Санаат өнимлерин ислеп шығарыӯда киши исбилерменлердиң үлеси

Санаат өнимлерин ислеп шығарыӯда киши исбилерменлердиң үлеси

0
Санаат өнимлерин ислеп шығарыӯда киши исбилерменлердиң үлеси

Бүгинги күнде киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик мəмлекетимиздиң ишки базарын товар ҳəм хызметлер менен тəмийинлеӯде, халықтың бəнтлигин ҳəм реал дəраматларын асырыӯда, ресурсларды ақылға сай тарқатыӯ ҳəм олардан нəтийжели пайдаланыӯда, социаллық топарлар дəраматларының пропорционаллықсыз кемейттириӯде, экономиканың түрли тармақлары арасындағы өз-ара байланысларды жақсылаӯда үлкен əҳмийетке ийе болып, реформаларды тереңлестириӯдиң тийкарғы катализаторы болып есапланады. Киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлери базар конъюнктурасы өзгерислерине де, тутыныӯшы талабы өзгерислерине де тез бейимлесиӯге тийкар болып, тутыныӯ базарындағы қалдықты услап турыӯда тийкарғы роль ойнайды. Сондай-ақ, бəсекилеслик қоршаған орталықтың қəлиплесиӯине хызмет етеди. 2023-жылдың 1-январь жағдайына районда 313,8 млрд. сумлық санаат өними ислеп шығарылыӯы əмелге асырылған болып, соннан 48,6 млрд. сум яки улыӯма көлемниң 15,5 процентин киши бизнес субъектлери тəрепинен санаат өними ислеп шығарылғанлығын көриӯимиз мүмкин.
Мəмлекетлик ҳəм жеке сектордың өз-ара мүнəсибети мəмлекеттеги социаллық-экономикалық турақлылық жағдайды тəмийинлеӯде жеке бизнестиң қызығыӯшылығын асырыӯда үлкен хызмет етеди. Өз нəӯбетинде, мəмлекетимизде экспроприация ҳəм меншиклестириӯ барысында алып барылып атырған реформалар нəтийжеси сыяқлы районда санаат өнимлери ислеп шығарыӯ көлеминде мəмлекетлик емес сектордың үлеси салмақлы екенлигин көриӯ мүмкин. Тармақ кəрханалары тəрепинен 2022-жыл даўамында 313,8 млрд. сумлық өнимлер ислеп шығарылды яки өсиӯ пəти өткен жылдың усы дəӯирине салыстырғанда 114,5 процентин қурады. Соның менен бирге мəмлекетлик секторда 74,6 мрлд. сумлық өним ислеп шығарылып, улыӯма көлемге салыстырғанда 23,8 % қураса да, мəмлекетлик емес секторда 239,2 млрд. сумлық өним ислеп шығарылып, улыӯма көлемге салыстырғанда 76,2 процентти қурады.

 

Қурбанбай ЕМБЕРГЕНОВ
                  Районлық статистика   бөлиминиң баслығы