ϴсимликлер карантини ҳәм қорғаӯ тараӯында Нызамшылық жетилистирилмекте
«Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў ҳаққындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Респуб-ликасы Нызамына муўапық, төмендеги мәселелерди өз ишине алған Өзбекстан Республикасының әмелдеги нормативлик ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Бириншиден, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республикада өсимликлер карантини ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы Пәрманының орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде «Өзбекстан Респуб-ликасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы тийисли қарары қабыл етилди. Усы қарарға тийкарланып, агентликке жүкленген қадағалаў механизмлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен әмелдеги ϴзбекстан Рес-публикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекске өзгерислер менен қосымшалар киргизилди. Карантин астындағы өсимлик өнимлерин алып кириў ҳәм шығыў қағыйдаларын бузғанлар ендигиден былай Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен қадағалаўға алынады.
Сондай-ақ, агентлик өсимликлер карантини объектлерине ҳәм басқа зыянлы организмлерге қарсы гүресиўге байланыслы фитосанитария талапларын бузғанларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартады. Бул исти агентликтиң бас директоры ҳәм орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бөлимлери баслықлары ҳәм орынбасарлары, және районлық (қала) бөлими баслықлары орынлайды.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгерислерге муўапық, карантин астындағы өнимлерди Өзбекстанға алып кириў ҳәм алып шығыў қағыйдаларын бузған шахслар жәриймаға тартылады. Сондай-ақ, фитосанитария талапларын ҳәм басқа қағыйдаларды карантин астындағы өнимлерди ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў, реализация етиў ҳәм жоқ етиў ўақтында бузған шахслар да жәриймаға тартылады.
Бул өзгерислерди киргизиўден тийкарғы мақсет-пуқара ҳәм лаўазымлы шахслардың фитосанитария тараўында өсимликлер карантини объектлери ҳәм басқа да қәўипли зыянлы организмлерге қарсы гүресиўде жуўапкершилигин арттырыў, өсимликлер карантини объектлери ҳәм зыянлы организмлерге қарсы гүресиў илажларын алып барыў, олардың кең тарқалыўының алдын алыў болып есапланады.
Буннан тысқары агентлик минерал төгинлер ҳәм өсимликлерди қорғаўда қолланылатуғын химиялық қураллардың саўдасы менен шуғылланыўшыларға лицензия береди. Сондай–ақ, усы химиялық қуралларды алып кириў ушын да агентликтиң рухсатнамасын алыў керек болады.
Бул хызмет түрлерин енгизиўден мақсет-толық шынжырлы қадағалаў механизмин әмелиятқа енгизиў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге, атап айтқанда, фермерлер менен дийқанларға сапалы ҳәм нәтийжелилиги жоқары минерал төгинлерди және өсимликлерди қорғаў қуралларын сатып алыў ҳәм пайдаланыўда кең имканият жаратыў болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиўдиң тәртип-қағыйдаларында минерал төгин ҳәм өсимликлерди қорғаўда қолланылатуғын химиялық қураллардың саўдасы ушын мәмлекет тәрепинен лицензиялаў мәселеси де нәзерде тутылған.
Лицензиялаўдың енгизилиўи өсимликлерди қорғаў бойынша нәтийжели илажларды шөлкемлестириўге, топырақтың зәҳәрли химиялық элементлер менен зыянланыў дәрежесин азайтыўға, биологиялық қорғаў усылын кең пайдаланыў арқалы қолайлы шәраятлар жаратып, өсимликлер, ҳайўанатлар дүньясы ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсириниң алдын алыўға қаратылған.
Өзбекстан Республикасының бир қатар нормативлик ҳүжжетлерине, атап айтқанда, «Өсимликлер дүньясын қорғаў, оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы, «Экологиялық қадағалаў ҳаққында»ғы, «Туқымгершилик ҳаққында»ғы нызамларға да өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен салыстырмалы өзгерислер киргизилмекте.
Сымбат ЕСНАЗАРОВА
ϴсимликлер карантини ҳәм қорғаӯ агентлиги районлық бөлими инспекторы