Siyosat «Қоңыраткөл»де шыпакерлик пункт жумыс баслады

«Қоңыраткөл»де шыпакерлик пункт жумыс баслады

0
«Қоңыраткөл»де шыпакерлик пункт жумыс баслады

Президентимиздиң басламасы менен, «2022-2026-жылларда Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы» инсан қәдири ушын 100 мақсетти өз ишине алады. Соннан 11 мақсет медицина тараўына тийисли болып, тараўды еле де раўажландырыўға бағдарланған.

Аўыл халқына медициналық хызметти жақынластырыў мақсетинде, бурын оптимизация себепли сапластырылған медициналық пунктлери қайтадан өз жумысын басламақта.
 Бурын район, қала орайына қатнап емлениўге баратуғын аўыл халқы ҳәзирги күнде жергиликли жердеги аўыллық шаңарақ пунктлерден медициналық жәрдем алады. 
Райондағы «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан шаңарақ шыпакерлик пункти имаратына өткен жылда «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында «Реверстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 822,0 миллион сумлық ири оңлаў жумыслары алып барылды. Имараттағы оңлаў жумыслары жуўмақланып,  шаңарақ шыпакерлик пункти аўыл халқы ушын  пайдаланыўға тапсырылды. 
Имараттың ашылыў салтанаты болып, онда қатнасқан район ҳәкими Жамбул Адилов аймақта жасаўшы пуқаралардың медициналық жәрдем алыўдағы мүмкиншилиги кеңейгенин айтып, шыпакерлик пункт хызметкерлериниң жумысына табыслар тиледи. Ондағы аўыл халқы, әсиресе жасы үлкен нуранийлер алысын жақын еткен бул жаңалықтан қуўанышлы екенин билдирди.
Шаңарақ шыпакерлик пунктиниң медициналық хызмет көрсетиў көлеми кеңейип, онда бир улыўма әмелият шыпакери,  2 патронаж, 7 орта буўын медицина хызметкери, улыўма 18 қәниге  «Қоңыраткөл» аўылы халқына медициналық хызмет көрсетеди. Яғный олар сол аймақта жасаўшы 1500ге жақын пуқараның саламатлығы ушын жуўапкер болады.

Гүлнара Дәўлетмуратова