Siyosat МҮТӘЖ ХОЖАЛЫҚЛАР ГАЗ БАЛЛОНЛАР МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ

МҮТӘЖ ХОЖАЛЫҚЛАР ГАЗ БАЛЛОНЛАР МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ

0
МҮТӘЖ ХОЖАЛЫҚЛАР ГАЗ БАЛЛОНЛАР МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ

Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасындағы алыс аймақларда жасаўшы тәбийий газ тармағы жетип бармаған хожалықларды бийпул суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў мақсетинде 26 вагонда  1000 тонна суйылтырылған газ ҳәм газ баллонлары жеткерип берилди.

Бүгинги күнде жәми 107  дана суйылтырылған газ баллонлар районымызға жетип келип, қабыл  етип алынған.

      Соннан бүгинги күнде 1-сектор аймағында 23 дана, 2-сектор аймағында жасаўшы 12 хожалыққа ҳәм 4-сектор  аймағында жасаўшы 51 хожалыққа суйылтырылған газ баллонлары  тарқатылды.

   Ҳәзирги күнде суйылтырылған газ баллонларына мүтәж хожалықларға жеткерип бериў даўам етпекте.

  Г. Абдиев

Тахтакөпир районы прокурорыныӊ жәрдемшиси